2025-жылы барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм көп миллетли халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.
– Бүгин дүньяда жүз берип атырған ҳәм жақын-жақынға шекем ҳеш ким көз алдына келтире алмаған өзгерислер, мәмлекетлер арасында экономикалық қарама-қарсылық, қәўипсизликке қәтер артып баратырған қәўетерли бир жағдайда сизлер менен оғада қыйын жылды жуўмақлап атырмыз, – деди Президентимиз.
Қаншелли аўыр болмасын, басланған демократиялық реформалар исенимли даўам еттирилгени, халқымыздың қоллап-қуўатлаўы ҳәм жасларымыздың күш-ғайраты, аўызбиршиликтиң тийкары болған мәҳәллениң турмысымыздағы орны ҳәм тәсири күшейтилгени, адамлардың сана-сезими ҳәм көзқарасы өзгерип, ел-журтымыз және де бирлескени, исбилермен, дийқан ҳәм фермерлердиң интакерлиги ҳәм мәртлик мийнети, өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған дослық сыртқы сиясат есабынан 2025-жылы барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ерисилди.
Бәринен бурын, дүнья көлеминде өндирис ҳәм транспорт-логистика шынжырлары үзилген, шийки зат ҳәм қаржы ресурсларының баҳасы артқан шараятта да мәмлекетимиз экономикасы исенимли ҳәм турақлы өсиўди даўам еттирмекте.
Бул нәтийжелер дүнья жәмийетшилиги ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынбақта.
ӨзА