Ескекшилеримиз Сырдәрьяда қандай нәтийже көрсетти?
10

22-25-декабрь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында спорттың Механикалық ескек есиў түринен Өзбекстан кубоги болып өтти.
Онда Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы спортшылары да қатнасып, 6 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 қола медалын жеңип алды.
Атап айтқанда, Айдана Сметуллаева 2 алтын, Айсанем Фархадова 2 алтын, 1 гүмис, Зайфуна Бахытбаева 1 алтын, Мухадас Ибрайымова 1 алтын, 1 қола, Айсулыў Абдуалиева 1 гүмис, 1 қола ҳәм Даметкен Бегимова 1 қола медальларын қолға киргизди.




Жеңимпаз спортшыларды жарысқа Баҳадыр Дәўлетияров, Айнура Ильясова, Жадыра Кожаковалар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы