Жаңа жип ийириў кәрханасы иске түсирилди

13

Қарақалпақстан тарийхында умытылмас ўақыяларға бай түрде өтип атырған 2025-жылы елимиз экономикасының барлық тараўларында үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, мәмлекетимиздиң басқа аймақларында болмаған бир қанша имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. Бундай илажлар исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге, жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўге беккем тийкар болып хызмет етип атыр.

Усындай ийгиликли жумыслар қатарында Нөкис қаласында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутатуғын улыўма баҳасы 48,5 млн. доллар болған, жылына 18 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлығына ийе ҳәм 400 жумыс орнын жарататуғын «Нөкис ССП Технопарк» кәрханасын айтып өтсек болады.

Жаңа жыл алдында бул ири санаат кәрханасының иске түсирилиў мүнәсибети менен ашылыў салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа кәрхана жумыс баслағаны менен қызғын қутлықлады.

Соңынан илаж қатнасыўшылары кәрхананың ислеп шығарыў имканияты ҳәм жумысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Әлбетте, иске түсип атырған бул кәрхана халқымыз ийгилиги жолында елимиз экономикасын ҳәм санаатын раўажландырыўға узақ жыллар даўамында хызмет ететуғынлығына беккем исенемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги