Қарқалпақстан тарийхында әҳмийетли ўақыяларға бай жаңа бетлер жаратылмақта

Өтип баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли жыл болды десек алжаспаған боламыз. Себеби, бул қысқа ўақыт ишинде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алдын турмысқа енгизилген ҳүжжетлер қатарында бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Буның нәтийжесинде регионымыз ушын берилген жеңилликлер саны еле де артты. Буннан тысқары, республикамыз турмысында көплеген тарийхый ўақыялар жүз берди.
Мине усындай әмелге асырылған ийгиликли жумыслар қатарында Жаңа жыл байрамы қарсаңында бүгин Нөкис қаласы аймағында санаатымызды раўажландырыўда ҳәм экономикамызды беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғын «Karakalpak bazaltwool» кәрханасының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәрхананың толық иске түсиўи мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимиз экономикасының барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳәр бир инсанда мақтаныш сезимлерин оятпақта.
Мине усындай әмелий жумыслар қатарында базалт минералынан ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығарыўшы жаңа кәрхана пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма баҳасы 50 млн. доллар болған бул жаңа кәрхананың иске түсиўи менен жылына 40 мың тоннаға шекем өним ислеп шығарыў жолға қойылмақта. Сондай-ақ, 200 ге жақын пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў имканияты жаратылмақта. Және бир әҳмийетли тәрепи, кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер, тек ғана ишки базарларға емес, експортқа да бағдарланып, елимизге валюта түсимин тәмийинлеўге де хызмет етеди.

Өткерилген илаж даўамында нураный-ақсақаллар, белсенди ҳаял-қызлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат мийманлар кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги