Жыл жуўмағы бойынша белсенди студентлерди сыйлықлаў мәресими өткерилди

13

Шынында да, жылдың соңғы күнлери жақынласып, 2025-жыл өзиниң бай естеликлери, жоқары жетискенликлери ҳәм тарийхта әҳмийетли из қалдыратуғын жаңалықлары менен есте қалмақта.

Жыл жуўмағында ҳәр биримиз өткен күнлерди анализлеп, ерисилген нәтийжелерди таллаймыз. Усы мүнәсибет пенен, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында жыл жуўмағы ҳәм студент-жасларды салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Мәресимди филиал директоры А.Есимбетов ашып, жыйналғанларды жақынласып киятырған жаңа жыл менен қызғын қутлықлап, жыл даўамында ерисилген жетискенликлерди атап өтти.

— Быйылғы жыл филиалымыз ушын ҳақыйқатында да берекетли ҳәм нәтийжели жыл болды. Илимий излениўлер, спорт майданындағы табыслар, руўхый илажлар ҳәм таңлаўлардағы жетискенликлеримиз бизди тек ғана қуўанышқа бөлейди. Ҳәр бир унамлы нәтийже, ҳәр бир жеңис – бул филиалымыздың ҳәр бир профессор-оқытыўшысы ҳәм студент-жасларының мийнетиниң көриниси. Келешекке қарай басқан ҳәр бир батыл қәдемимиз филиалдың раўажланыўы ҳәм сиз жаслардың өсиўине хызмет етеди, ал жол қойылған кемшиликлерди болса жедел ҳәм избе-из илажлар менен сапластырамыз, – дейди профессор А.Есимбетов.

Илаж даўамында студент-жаслар “Директор кубоги” шеңбериндеги спорт жарыслары, интеллектуаллық ойынлар, дөретиўшилик ҳәм руўхый таңлаўларда ерискен жетискенликлери ушын ақшалай ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги