Каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде баспасөз конференциясы болып өтти.
Онда Суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов 2025-жыл даўамында аймақларға жеткерип берилген суў муғдарлары, енгизилип атырған үнемлеўши технологиялар, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, каналларды реконструкциялаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, 2025-жылғы жазғы суўғарыў мәўсиминде дәрьяларда суў ағысы нормаға салыстырғанда 85-90 процент әтирапында болды.
Усы жылы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын республика бойынша жәми 5 миллиард куб метрден аслам суў жеткерип берилди.
Усы суў ресурслары менен 53 мың гектарлық ғәлле, 80 мың гектарлық пахта майданлары, 180 мың гектарлық мийўе-овощ ҳәм басқа да егинлер суўғарылды. Буннан тысқары, 145 мың гектарға шор жуўыў ҳәм ығал суў бериў жумыслары әмелге асырылды, соннан 21 мың гектарына тәкирарый егинлер ушын суў берилди.
– Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта, – дейди Б.Юсупов.
Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери заман талапларына бейимлестирилип атырғанлығы және суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген фермер ҳәм дийқанлар нәтийжесин көрип атырғанлығы нәтийжесинде 2019-2025-жыллар даўамында жәми 290 мың 441 гектар майдан суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынды, суўғарылатуғын майданларға салыстырғанда үлеси 56 процентке жеткерилди. Соның ишинде, 24,1 мың гектарда тамшылатып, 7,3 мың гектарда жаўынлатып, 614 гектарда дискрет ҳәм 37,2 мың гектарда басқа түрдеги суўғарыў технологиялары енгизилди және 221,2 мың гектар жерлер лазер үскенеси жәрдеминде тегисленди.
Соның ишинде, тек ғана 2025-жылдың өзинде жәми 75,2 мың гектар (171 процент режеге салыстырғанда) жерде суўды үнемлеўши технологиялар, соның ишинде, 2,9 мың гектарда тамшылатып, 1,9 мың гектарда жаўынлатып және 6,1 мың гектар майданда ийилиўшең қубырлар арқалы ҳәм 2,1 мың гектар майданда қарыққа плёнка төсеп суўғарыў ҳәм 62,2 мың гектар майданда лазерли тегислеў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, суўды үнемлейтуғын технологиялар есабынан 2025-жылы 360 миллион куб метр суўды үнемлеўге ерисилди.
Сол себепли кейинги жылларда суўғарыў тармақларында суўдың шығынларын азайтыў ҳәм каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Каналларды бетонлаў нәтийжесинде суўдың жоғалыўының алды алынып, егислик майданлары, қыйтақ жерлерге кепилленген суў жеткерип берилиўине ерисилмекте ҳәм нәтийжеде халықтың кейпияты, олардың турмыс тәризи ҳәм қосымша дәрамат алыўына унамлы тәсир көрсетпекте.
2025-жылы бюджет қаржылары есабынан 87,9 млн. сум қаржы ажыратылып, 14 жойбар шеңберинде 45,4 километрлик (соннан, 42,1 км. бөлеги бетонланды) каналлар, 7,2 километрлик лотоклар ҳәм 2 насос агрегаты, сондай-ақ, 4 суў тосыўшы қурылма қурылды ҳәм реконструкцияланды.
Буннан тысқары, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде суў тәмийнаты аўыр болған мәҳәллелердеги халықтың қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеў жойбарлары ушын бюджеттен 198,5 миллиард сум қаржы ажыратылды.
Усы бағдарламаға муўапық, 89 жойбар шеңберинде 857,2 километрлик каналлар, 37 суўғарыў қудығы, 207 насос агрегаты ҳәм 85,5 километрлик басымлы қубырларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары орынланды.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 68270 шаңарақта жасайтуғын халықтың 10,98 мың гектарлық қыйтақ жеринде суў тәмийнатының жақсыланыўына ерисилди.
Б.Юсупов келеси 2026-жылы суў хожалығында әмелге асырылыўы белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға да тоқтап өтти.
Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Н.Аралбаев та насос станциялары ҳәм олардың электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында жыл даўамында исленген жумыслар бойынша мәлимлеме берди.
Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 7-ноябрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жыл – суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы” деп белгиленген еди.
Буннан соң бул бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар белгиленди ҳәм оған бола, кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
2025-жылы мәмлекет насосларынан 20 данасын энергия үнемлеўши насосқа алмастырды. Нәтийжеде орташа 528,1 мың кВт/саат энергия үнемленди. Сондай-ақ, мәмлекетлик насосларға жәми 214 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылды ҳәм 408 миллион кВт/саат энергия үнемлениўине ерисилди.
Итибарлысы, соңғы ўақытлары кластер ҳәм фермер хожалықларында есабындағы насос агрегатларын да энергияны үнемлейтуғынына алмастырыў ҳәм оларға қуяш панельлерин орнатыў бағдарында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Егер мағлыўматларды таллайтуғын болсақ, усы жылы 6 918 кВт электр қуўатлылығын ислеп шығаратуғын қуяш панельлери орнатылғаны есабынан орташа 3,2 миллион кВт/саат энергияны үнемлеўге ерисилген.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.




Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги