“Орайлық Азия Япония” сөйлесиўи өз-ара бирге ислесиў ҳәм дөретиўшиликтиң жаңа шыңын баслап береди

11

Мүнәсибет

Ҳүрметли Президентимиздиң “Орайлық Азия Япония” форматында өткерилген биринши саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде бул ушырасыўдың тарийхый әҳмийети, оның стратегиялық мазмуны ҳәм келешекке қаратылған анық басламаларын толық сәўлелендирген бағдарламалық шығып сөйлеўи сыпатында жоқары баҳаға ылайық.

Сөйлесиўде “Орайлық Азия  Япония” саммитине 20 жыл алдын Япония тәрепинен тийкар салынғаны айрықша атап өтилип, бул басламаның стратегиялық жақтан дурыс ҳәм узақты гөзлеген қарар екенлиги турмыстың өзи тәрепинен дәлилленгени атап өтилген. Биринши саммиттиң Токиода, жоқары дәрежеде өткерилиўи бул форматты жаңа басқышқа алып шықты.

Бул саммит регионаллық бирге ислесиўде жаңа бет ашып, мәмлекетлер арасында исеним, өз-ара ҳүрмет ҳәм тең шериклик принциплерине тийкарланған қатнасықларды беккемлеўге хызмет етеди.

Пардагүл Раззакова, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Беруний районы бөлиминиң баслығы

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги