2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Өзбекстан Республикасының “Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында”ғы Нызамының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм де жәмийетте балаларға болған зорлықтың барлық түрлерине маўасасызлық орталығын қәлиплестириў, олардың ҳуқықларын еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў мақсетинде қарар етемен:
- I. Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы.
- Өзбекстан Республикасы Богота ҳәрекетлер шақырығына қосылғаны ҳәм Балаларға қарата зорлыққа шек қойыў бойынша глобал альянс ағзалығына қабыл етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
(а) 2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы 1-қосымшаға муўапық;
(б) Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясын 2026-2027-жылларда әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- II. Балаларға қаратылған зорлықтың барлық түрлерине қарсы гүресиў системасын жетилистириў
- 2026-жыл 1-февральдан баслап:
(а) зорлық ақыбетинде шаңарағынан алынған ҳәм өзине қарата зорлық ислеў қәўипи астында болған, сондай-ақ, социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар ушын профессионал тутынған шаңарақ хызмети жолға қойылады. Бунда:
(i) кәсиплик тутынған шаңарақты шөлкемлестириўге талабанлар зорлықтан жәбирленген ҳәм өзине қарата зорлық ислеў қәўпи астында болған, сондай-ақ, социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балаларда (кейинги орынларда – социаллық қорғаўға мүтәж балалар) зорлық нәтийжесинде алынған руўхый жарақатының унамсыз тәсирин азайтыў, минез-қулқындағы өзгерислерди ямаса шаңарақ ағзалары, теңлеслери менен қатнасықларындағы бузылыўларды ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған социаллық-реабилитация бағдарламалары тийкарында оқытылады;
(ii) зорлық ақыбетинде шаңарағынан алынған социаллық қорғаўға мүтәж балалар профессионал тутынған шаңараққа “Инсан” социаллық хызметлер орайлары ҳәм усы шаңарақлар арасында дүзилген шәртнама тийкарында жайластырылады;
(iii) профессионал тутынған шаңараққа ҳәр бир жайластырылған баланың күтими ушын ҳәр айда Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2 есеси муғдарында қаржы төлеп барылады;
(iv) профессионал тутынған шаңараққа жайластырылған ҳәр бир баланың жасаў қәрежетлери ушын Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларының жасаў қәрежетлери ушын белгиленген муғдарларда қаржы ажыратылады;
(б) дәслеп Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларында, 2026-жылдың ақырына шекем республиканың басқа аймақларында социаллық қорғаўға мүтәж балалар ушын Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасында киши көлемдеги социаллық жәрдем орайларының жумысы жолға қойылады;
(в) жынысый зорлықтан жәбир көргенлиги себепли шаңарағынан алынған балалар “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республикалық орайының аймақлық орайларына да басқалардан бөлек жайластырылыўы мүмкин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2026-жыл 1-сентябрьден баслап:
(а) зорлықтан жәбирленген балаларға ҳәм зорлыққа гүўа болған балаларға олар тийисли процессуаллық ҳәрекетлерге тартылған ўақыттан баслап мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиледи;
(б) балаларға қарата олардың нызамлы ўәкиллери ямаса басқа туўысқанлары тәрепинен зорлық ҳалатлары бойынша исти судқа шекем жүргизиў ҳәм суд додалаў процесслериндеги барлық процессуаллық ҳәрекетлерди әмелге асырыўда қәўендерлик уйымының ўәкили мәжбүрий тәртипте қатнасады;
(в) зорлықтан жәбирленген балалардың дәслепки көрсетиўлери мәжбүрий тәртипте видеожазыў арқалы жазып алынады;
(г) мүлкшилик формасына қарамастан билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм халықты социаллық қорғаў шөлкемлери хызметкерлери тәрепинен балаларға қарата зорлық пенен байланыслы анықланған фактлер ҳаққында хабар бермегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик енгизиледи.
- Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм мәпдар уйымлар менен биргеликте:
(а) үш ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманның 4-бәнтинен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;
(б) алты ай мүддетте балаларға жынысый зорлық ислеўге байланыслы ислер шеңберинде балалар ҳәм гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшы арасында жүзлестириў тергеў ҳәрекетин тек ғана тергеўши ҳәм прокурордың қарары ямаса судтың уйғарыўы менен өткериў системасын енгизиў бойынша нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинети, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Ишки ислер министрлиги және Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:
(а) Республикалық қызлар оқыў-тәрбия мәкемесин ҳәм Республикалық ер балалар оқыў-тәрбия мәкемесин сапластырыў;
(б) мәмлекетлик мәкеме түринде Балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық интеграция орайы ҳәм оның Самарқанд, Ферғана, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларында регионаллық бөлимлерин шөлкемлестириў.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги еки ай мүддетте Балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық интеграциялаў орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
III. Зорлықтан жәбирленген балалар ҳәм олардың шаңарақлары ушын социаллық хызметлерди шөлкемлестириў.
- 2026-жыл 1-марттан баслап “Инсан” социаллық хызметлер орайларында социаллық қорғаўға мүтәж балалардың ата-аналары (олардың орнын басыўшы шахслар) ушын “меҳирли шаңарақ” хызмети шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин. Бунда:
(а) “меҳирли шаңарақ” хызмети Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы Балаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық интеграция орайы тәрепинен шөлкемлестириледи;
(б) “меҳирли шаңарақ” хызметине ата-аналар (олардың орнын басыўшы шахслар) Балалар мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала)лық комиссияларының қарары тийкарында тартылады;
(в) “меҳирли шаңарақ” хызметине тартылған ата-аналарға (олардың орнын басыўшы шахсларға) перзентлериниң психофизикалық өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда шаңарағы менен бузылған қатнасықларды тиклеў ҳәм олардың социалласыўына жәрдемлесиў ушын “шаңарақлық терапия” хызметлери бийпул көрсетиледи.
Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
(а) социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар олардың минез-қулқын, қәбилетин ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алған ҳалда оқыў жылы даўамында 3-қосымшада нәзерде тутылған билимлендириў шөлкемлерине Балалар мәселелери бойынша район (қала) комиссиясының қарарына бола, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жолламасына муўапық жайластырылыўы мүмкин. Бунда:
(i) жоллама тийкарында жиберилетуғын социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар билимлендириў шөлкемлерине бийпул тийкарда, сынақлар ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етиледи;
(ii) дем алыс ўақтында социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балаларды ата-анасына (олардың орнын басыўшы шахсқа) қайтарыў имканияты болмаған жағдайда, “Инсан” социаллық хызметлер орайлары тәрепинен усы балаларды оқыў процеси басланғанға шекем ўақтынша альтернатив жайластырыў илажлары көриледи;
(iii) жоллама тийкарында жайластырылған социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған бала тийисли билимлендириў шөлкеминиң оқыў ислери бойынша директорының орынбасарына бириктириледи ҳәм оның минез-қулқы ҳәм өзлестириўи ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр шеректе оның жасаў орнындағы Балалар мәселелери бойынша район (қала) лық комиссияға киргизиледи;
(б) ҳәр оқыў жылы жуўмағында министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен қарамағындағы билимлендириў шөлкемлериниң қабыллаў квотасын тастыйықлаўда социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар ушын 5 процентке шекем қосымша квота ажыратылады ҳәм бул ҳаққындағы мағлыўмат Социаллық қорғаў миллий агентлигине усынылады.
- Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги және “А.И. Герсен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети” Федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) Ташкент қаласындағы “А.И. Герсен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети” Федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасынан Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң структурасына өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Ташкент қаласындағы “А.И. Герсен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети” Федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының жумысының қосымша бағдарлары сыпатында белгиленсин:
(а) инклюзив ҳәм арнаўлы билимлендириў, геронтология, психология, социаллық педагогика, адаптив спорт, турмыс искерлигиниң ҳәр қыйлы тараўларында социаллық жумыс, шаңарақлар ҳәм балаларды социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызмет көрсетиў бағдарларында кадрлар таярлаў;
(б) инклюзив ҳәм арнаўлы билимлендириў ҳәм де адаптив спорт түрлери бойинша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин асырыў;
(в) инклюзив ҳәм арнаўлы билимлендириў, геронтология, психология, социаллық педагогика ҳәм де адаптив спорт бағдарларында изертлеўлер өткериў;
(г) инклюзив ҳәм арнаўлы билимлендириў, геронтология, психология, социаллық педагогика ҳәм адаптив спорт бағдарлары бойынша билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, усы бағдарлар бойынша стандартларды экспертизадан өткериў.
- Балалар мәселелери бойынша миллий комиссияға төмендеги қосымша функциялар жүкленсин:
(а) балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў жумысын әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, Балалар мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин үйрениў;
(б) шаңарақта балаға қарата зорлық жағдайларының алдын алыўда ата-аналардың (олардың орнын басыўшы шахслардың) жуўапкершилигин ҳәм турмыслық көнликпелерин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин додалап барыў;
(в) қосымша квота тийкарында билимлендириў шөлкемлерине қабыл етилген социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалардың минез-қулқы ҳәм өзлестириўин таллаў.
- IV. Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў процесине заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў
- Санлы технологиялар министрлиги Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура ҳәм Жоқарғы суд пенен биргеликте 2026-жыл 1-апрельге шекем Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасында социаллық қорғаўға мүтәж балалар және зорлық ислеген ямаса оны ислеўге бейим болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматларды алмасыў ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир электрон платформа (кейинги орынларда – платформа) ислеп шықсын. Онда:
(а) платформа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары және “112” қысқа саны арқалы пуқаралардың шақырықларын қабыл етиў ҳәм автоматластырылған тәризде қайта ислеў имканиятын беретуғын бирден-бир диспетчерлик хызмети менен “Санлы ҳүкимет” системасының уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы интеграцияланады;
(б) балаларға қарата исленген зорлық жағдайларының бирден-бир статистикалық есабын ҳәм есабатын жүргизиў, статистика уйымларына усыныў, сондай-ақ, балаларға қарата зорлық жағдайлары бойынша әмелге асырылатуғын илажлардың ҳәр бир басқышын бақлап барыў имканияты жаратылады.
- V. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Жоқарғы суд, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги 2026-жыл 1-февральдан баслап реже-график тийкарында зорлықтан жәбирленген балалар менен процессуаллық ҳәрекетлер даўамында ислеўге жуўапкер болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ҳәм судьялар, Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасы хызметкерлери, сондай-ақ, адвокатлардың сорастырыў, дәслепки тергеў ҳәм суд процесинде балалар менен ислесиўдиң арнаўлы усылларына байланыслы кәсиплик таярлығы ҳәм маманлығын арттырыў ушын миллий ҳәм сырт ел экспертлери және қәнигелерин тартқан ҳалда қысқа мүддетли курсларда оқытылыўын шөлкемлестирсин.
- Төмендегилер:
(а) Социаллық қорғаў миллий агентлиги Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте:
(i) усы Пәрманның мазмун-мәниси, мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин;
(ii) жәмийетте балаларға қарата зорлыққа маўасасызлық орталығын жаратыў, балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған үгит-нәсиятлаў материаллары (тарқатпа материаллар, көргизбели үгит-нәсиятлаў қураллары, видеороликлер, буклет ҳәм флаерлер) таярланыўын және жәмийетлик орынларда, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў мәкемелери ҳәм барлық билимлендириў шөлкемлеринде кеңнен үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестирсин;
(б) Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў бойынша кеңесгөйи – Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң директоры М.П. Оллоёров белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.