2026-жылда рәсмий сәнелерди нышанлаў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында

29

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Пуқаралардың рәсмий сәнелерди нышанлаў дәўиринде толық дем алыўы ушын шараятлар жаратыў, “Өзбекстан бойлап саяхат ет!” ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ишки ҳәм зыярат туризмин және де раўажландырыў ушын дем алыс ҳәм байрам күнлеринен нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде қарар етемен:

Төмендеги қосымша дем алыс күнлери белгиленсин:

(а) 2025-жылда барлық хизметкерлер ушын (жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан) 31-декабрь – сәршемби;

(б) 2026-жылда:

(i) барлық хизметкерлер ушын (жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан): 2-январь – жума, 28-май – пийшемби, 29-май – жума, 31-август – дүйшемби;

(ii) алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын: 3-январь – шемби, 30-май – шемби, 31-декабрь – пийшемби.

  1. Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық:

(а) исленбейтуғын байрам күнлери есапланатуғын 8-март – Ҳаял-қызлар күни байрамы 2026-жылы екшемби – дем алыс күнине ҳәм 21-март – Наўрыз байрамы және 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамлары бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын шемби – дем алыс күнине туўры келиўи мүнәсибети менен усы дем алыс күнлери сәйкес түрде 2026-жыл 9-март, 23-март ҳәм 11-май – дүйшемби күнлерине көширилиўи;

(б) өндирислик-техникалық ҳәм шөлкемлестириў шараятлары (бар үзликсиз өндирис, халыққа күнделикли хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў ҳәм басқалар) себепли жумыс ислемейтуғын байрам күнлери тоқтатып турыў мүмкин болмаған жумысларды орынлаўда дем алыс күнлери көширилмейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 2026-жылда 12-декабрь – шемби күнинен 31-декабрь – пийшемби күнине көширилсин.
  2. Байрам (исленбейтуғын) күнлериниң узайтырылыўын есапқа алған ҳалда республика халқының кеўилли дем алыўы ушын:

(а) Туризм комитети ҳәм Мәдений мийрас агентлиги туризм көрсетиў объектлери (мәдений мийрас объектлери, музейлер) ҳәм мийманхана хызметлери ушын шегирмелер берилиўин және акциялар өткерилиўин шөлкемлестирсин;

(б) Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте санаторийлер ҳәм саламатландырыў мәкемелери ушын шегирмелер бериў және акциялар өткериў усыныс етилсин;

(в) “Uzbekistan Airways” АЖ ҳәм “Өзбекстан темир жоллары” АЖға ишки транспорт қатнаўлары ушын шегирмелер бериў ҳәм акциялар өткериў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына:

(а) мийнет жәмәәтлери арасында усы Пәрманның мақсети, мазмун-мәниси ҳаққында түсиндириў жумысларын шөлкемлестириў;

(б) создырылған байрам күнлеринде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мазмунлы дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте байрам күнлери өткерилетуғын илажлар ҳаққында ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халықтың кеңнен хабардар етилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги “Жаңа жыл байрамын белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнди белгилеў ҳәм дем алыс күнин көшириў ҳаққында”ғы ПҚ-452-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Усы Пәрман 2027-жыл 1-январьдан баслап өз күшин жойытады.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.