Паратаэквандошыларымыз 4 медальды қолға киргизди
13

21-23-декабрь күнлери Ташкент қаласында спорттың Паратаэквондо түринен Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан параспортшылар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Қызықлы өткен чемпионатта республикамыздың ўәкиллери де өзлериниң шеберликлерин көрсетип, 80 кг салмақта О.Аматов, 63 кг да Х.Сапарбаев ҳәм 52 кг да Г.Қурбановалар биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, А.Бабаниязова болса, сыйлы үшинши орынды ийелеп, қола медаль ийесине айланды.
Жеңимпаз параспортшыларды Абдинайым Кабулов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы