«Қарақалпақфильм» киностудиясында әмелге асырылған жумыслар көзден өткерилди

22

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев реконструкциядан шығарылып, пайдаланыўға тапсырылған «Қарақалпақфильм» киностудиясында әмелге асырылған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы жерде болды.

«Қарақалпақфильм» киностудиясы имаратында дерлик 6,5 млрд. сум қаржы есабынан қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, зәрур техника ҳәм инвентарьлар менен тәмийинленгенин атап өтиў орынлы. Сондай-ақ, киностудияда даўыс жазыў ҳәм дубляж студиялары иске тусирилди ҳәм музей шөлкемлестирилди.

Жаратып берилген усындай имканиятларға тийкарланып, бүгинги күнде киностудия жумысларына айрықша пәт ендирилип, жаңа картиналар үстинде жумыслар басланды. Усы қатарда өткен жылы уллы классик шайырымызға арналған «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильми сүўретке алынған болса,  бүгинги күнде «Қарабай» комедиялық фильми, «Муғаллим» фильми, «Мен қарақалпақ халқының да перзентимен» ҳүжжетли фильми, «Гүлайым ҳәм қырық қыз» тарийхый фильмлери сүўретке алынып атыр. Миллий кинофондымыз жыл сайын жаңа фильмлер менен байып бармақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Киностудия жәмәәти менен сәўбетлести. Алдағы ўақытта халқымыздың кеўлинен орын алатуғын көплеп фильмлер жаратылыўы керек екенлигин атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Кинематография агентлиги директоры Ш.Ризаев қатнасты

Қарақалпақстан хабар агентлиги