Жаңа кәрхана жумыс баслады

37

Нөкис қаласында жаңадан иске түсирилген «Osten Technologies» кәрханасының ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, нураный-ақсақаллар, белсенди ҳаял-қызлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы кәрхананың ашылыў мүнәсибети менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў менен байланыслы көплеген объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта. Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен усындай ийгиликли ислерге салмақлы үлес қосып атырған исбилерменлеримизге жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылмақта.

Ийгиликли мақсетлер жолында иске түсирилип атырған кәрханалар экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеў менен бирге, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда айрықша орын ийелемекте.

Жаңадан иске түсирилген «Osten Technologies» кәрханасының ашылыўы да мине, усы бағдардағы илажлардан бири есапланады.  Жойбар баҳасы 23,5 млн. доллар болған бул кәрхананың толық қуўатлықта иске түсиўи менен жылына 640 мың метр радиатор өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылады ҳәм жаратылған жумыс орынларының саны 300 ге жеткериледи.

Әлбетте, иске түсип атырған бул кәрхана еле узақ жыллар даўамында халқымыздың ийгилиги ушын хызмет етеди.

Илаж даўамында мийманлар кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты.

Қарақалпаңстан хабар агентлиги