«Жыл ҳаялы» ҳәм «Еӊ үлгили ҳаял-қызлар белсендиси» таӊлаўларыныӊ жеӊимпазлары сыйлықланды

Пайтахтымыздағы Кәсиплик аўқамлары сарайында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўыныӊ және “Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси” таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, орынлардағы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетлериниң жуўапкерлери, белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.
Илаж алдынан мәмлекетимизде ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў бағдарындағы ийгиликли жумысларға байланыслы видеофильм көрсетилди.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын өз ўақтында ҳәм унамлы шешиў бағдарындағы системалы жумыслардың жоқары нәтийжелери ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди. Өзбекстанда ҳаял-қызлардың мәплерин тәмийинлеўге байланыслы жаратылған миллий система халықаралық көлемде де жоқары тән алынып атырғаны айрықша атап өтилди.

Илажда мәҳәлледен басланған ийгиликли басламаларды республика көлеминде әмелий ҳәм нәтийжели ҳәрекетке айландыра алған “Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси” таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.
“Ең үлгили ҳаял-қызлар белсендиси” таңлаўының жеңимпазлары сыпатында елдиң исенимине ерискен, интакер ҳәм жуўапкершиликли 14 ҳаял-қызлардың ибратлы жумыслары айрықша атап өтилди. Олар өз жумысы менен мәҳәлледе унамлы орталық жаратыў, халықтың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм жаңа Өзбекстан реформаларын төменги буўында нәтийжели әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосып келмекте.
Мәмлекетимизде бир неше жыллардан берли өткерилип киятырған “Жыл ҳаялы” республикалық таңлаўы жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған, өзиниң билими, интакерлиги, пидайылығы ҳәм жетекшилик пазыйлетлери менен басқаларға үлги болып атырған ҳаял-қызларды тән алыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Сыйлықлаў мәресими даўамында ҳәр еки таңлаўдың республикалық басқышында жеңимпаз болған ҳаял-қызлар ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланыўы жақсы дәстүрге айланды. Бул тән алыў тек ғана жеке жетискенликлердиң жоқары баҳасы емес, ал жәмийетте ҳаял-қызлардың белсендилиги, социаллық жуўапкершилиги ҳәм жетекшилик потенциалына болған жоқары исенимниң көриниси сыпатында көринеди.
“Жыл ҳаялы” республикалық таңлаўында Гран-при – Жоқары орынға Самарқанд ўәлаяты Каттақорған қаласындағы “Анваржон бизнес инвест” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Гулмира Жумаева мүнәсип деп табылды. Оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы – автомобиль тапсырылды.
– Мендей әпиўайы ҳаял бундай абырайлы таңлаўларда жеңимпаз болыўы мәмлекетимизде ҳаял-қызларға көрсетилип атырған жоқары итибардың әмелий үлгиси болып есапланады, – деди Гулмира Жумаева. – Бүгин елимиз ҳаял-қызлары да өз мийнети, излениўлери, белсенди исбилерменлик ҳәрекети менен мәмлекетимиздеги жаңаланыў процесслерине белсене үлес қоспақта.

“Жыл ҳаялы” республикалық таңлаўында биринши орын Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Мәлимлеме технологияларының программалық тәмийнаты кафедрасы профессоры Дилдора Муҳамедоваға берилди.
– Мәмлекетимизде ҳаял-қызларға қаратылып атырған бундай ҳүрметтен шексиз миннетдарман, – деди Дилдора Муҳамедова. – Бундай итибар бизлерди және де көбирек излениўге, күш-ғайрат пенен мийнет етиўге шақырады.
Ана-Ўатанымыз, ғәрезсизлигимиз, мәмлекетимизде болып атырған жедел жаңаланыў процесслери, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған меҳир ҳәм итибарды жырлайтуғын үлкен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасты.
Назокат УСМАНОВА,
ӨзАныӊ хабаршысы