«Ең белсенди депутат» таңлаўы өткерилди

76

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Ең белсенди депутат” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

“Баслама ҳәм идеяларымыз ғәрезсиз, жаңа Өзбекстанның раўажланыўы ушын!” сүрени астында өткерилген таңлаўдың тийкарғы мақсети “Өзбекстан-2030” стратегиясының “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасының партия сайлаўалды бағдарламасына тийисли бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеўде жергиликли Кеңеслердеги депутатлық топарлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, партияның сайлаўалды бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўде барлық дәрежедеги депутатлық корпусының потенциалын жетилистириўден ибарат.

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясының басшысы Х.Ешимбетов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын қутлықлады.

Таңлаўда район ҳәм қала басқышының жеңимпазлары 3 шәрт, яғный, халықтың машқаласын шешиўдиң ең нәтийжели жолы, сиясий тез жуўап бериў ҳәм машқаланы шешиў шәртлери бойынша өз билим ҳәм тәжирийбелерин көрсетти.

Төрешилер қурамының баҳалаў нәтийжеси бойынша 11-“Қумбыз” сайлаў округинен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Наргиза Примбетова биринши орынды ийеледи ҳәм таңлаўдың Республикалық басқышында қатнасыў жолламасын қолға киргизди.

Екинши орынды 1-“Р.Низаматдинов” сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Ҳамза Абдижалиев ҳәм 20-“Тахтакөпир” сайлаў округинен Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутаты Тимур Жусиповлар ийеледи. Ал, сыйлы үшинши орынды 16-“Қутанкөл” сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутаты Рахат Пурханов, 11-“Н.Дәўқараев” сайлаў округинен Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң депутаты Ҳүрлиман Атамбетова ҳәм 8-“Бердақ” сайлаў округинен Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Юсупбай Абдисадиковлар қолға киргизди. Сондай-ақ, бир қатар белсенди депутатлар арнаўлы номинациялар менен сыйлықланды.

Жеңимпазлар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы