Өзбекстан ҳәм АҚШ жетекшилери телефон арқалы сөйлести

23-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў алдында АҚШ Президентин жақынласып киятырған жаңа жыл байрамлары менен қутлықлап, дос Америка халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Дональд Трамп, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқына өзиниң ҳәм АҚШ халқының қызғын сәлемин және қутлықлаўларын жоллап, жаңа жылда бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар тиледи.
Президентлер жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыў барысын, сондай-ақ, Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў перспективаларын толық көрип шықты.
Мәмлекетимиз басшысы Президент Дональд Трамптың усы жылы ишки ҳәм сыртқы сиясатта ерискен табысларын жоқары баҳалап, оның өткир халықаралық кризислер ҳәм келиспеўшиликлерди шешиў бағдарындағы нәтийжели ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.
Еки тәреплеме сиясий сөйлесиў ҳәм алмасыўлар, әсиресе, жетекшилер дәрежесинде жеделлесип, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти раўажландырыўда жаңа басқышты баслап бергени ҳәм оны анық мазмун менен байытқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Пуқаралық авиация, автосанаат, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, инфраструктура, энергетика ҳәм химия, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм басқа да тараўларда онлаған миллиард долларлық биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Әмелдеги жойбарлар менен бағдарламаларды нәтийжели алға қойыў ҳәм жаңаларын ислеп шығыў мақсетинде Америка – Өзбекстан исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңеси шөлкемлестирилди. Биргеликтеги Инвестициялық фондты шөлкемлестириў бойынша жедел жумыс алып барылмақта.
Аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа механизми иске қосылды. Өзбекстанның үш ўәлаяты делегациялары Америка штатлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў ушын бул мәмлекетте болды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Усы мәниде, көп тәреплеме бирге ислесиў, соның ишинде, “С5+1” форматының әҳмийети атап өтилди.
Сөйлесиў жуўмағында тәреплер жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў нийетин тастыйықлады ҳәм әмелий бирге ислесиў бойынша биргеликтеги баслама ҳәм бағдарламаларды алға қойыўға келисип алды.
Өзбекстан Президенти Америка жетекшисин өзи ушын қолайлы мүддетте мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.
ӨзА