Эко-стикер реңи сәйкес келмейтуғын аймаққа кирген айдаўшыларға жәриймалар қолланыў 2026-жылдан басланбайды

17

2026-жыл 1-январьдан Өзбекстан шараятында эко-стикер, яғный “Экологиялық транспорт” системасы күшке киреди. Системаға байланыслы қағыйдалар бузылғанда жәриймалар қолланыў болса 2 жылдан кейин басланады.

Бүгин дүньяның ҳәр бир мүйешинде экологиялық турақлылық мәселеси күн тәртибине шыққан. Себеби таза ҳаўа – саламат турмыс, саламат жәмийет болса турақлы раўажланыў дегени. Тилекке қарсы, соңғы жылларда ҳаўаның патасланыўы инсан саламатлығына айрықша тәсир көрсете баслады.

Автомобильлер, автобуслар, жүк машиналары ҳәм басқа ҳәрекетлениўши техника түрлери жанылғы жаныўы процесинде ҳәр түрли зәҳәрли затларды ҳаўаға шығарады. Атмосфера патасланыўы климат өзгериўи, ҳаўа температурасының көтерилиўи ҳәм кислоталы жаўынлардың келип шығыўына себеп болады. Әсиресе, ири қалаларда транспорт қураллары санының көбейиўи ҳаўа сапасының кескин төменлеўине алып келмекте.

Машқаланы азайтыў ушын экологиялық таза транспорт түрлерине өтиў, электр ҳәм гибрид автомобильлерден пайдаланыў, жәмийетлик транспортты раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, автомобильлерди өз ўақтында техникалық тексериўден өткериў, сапалы жанылғыдан пайдаланыў ҳәм ҳәрекет мәдениятын арттырыў да зыянлы газлер муғдарын азайтыўға хызмет етеди.

Бизге белгили, 2026-жыл 1-январьдан Өзбекстан шараятында эко-стикер, яғный “Экологиялық транспорт” системасы күшке кирмекте.

Хош, эко-стикер реңи сәйкес келмейтуғын аймаққа кирген айдаўшы қандай тәртипте анықланады ҳәм оған жәрийма қолланыла ма?  Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң Ташкент қаласы Мирабад районындағы “Файзобод” транспорт қуралларын диагностика тексериў орайында “Экологиялық транспорт” системасының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин жәмийетшилик арасында кеңнен түсиндириў бойынша шөлкемлестирилген илажда бул сораўға да жуўап берилди.

– Эко-стикерлер үш түрли – жасыл, сары ҳәм қызыл реңде болады, – дейди ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти ЖПХ баспасөз хаткери Зойир Йўлдошев. – Дәслеп машинасы сары ямаса қызыл стикер алған айдаўшы стикерлердиң реңин өзгертиў ҳуқықына ийе. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында диагностика орайларының жумысы жолға қойылған. Сары ямаса қызыл стикер алған пуқаралар транспорт қуралларын усы диагностикалық тексериўден өткерип, стикерлериниң реңин өзгертиўи мүмкин. Мәселен, қызыл стикерли автомашиналар таза аймаққа кирмекши болғанда тиккелей хабарландырып барылады. Себеби транспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм есабатлар Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасында электрон тәризде жүргизилип барылады. Бул бағдарда бирден-бир электрон система бар. Бүгинги күнде орайлық қалалардың көпшилигинде программаластырылған камералар ҳәм бақлаў имканиятын беретуғын басқа да қураллар бар.

Қәнигениң сөзлерине бола, жәрийма қолланыў системасы 2026-жыл 1-январьдан басланбайды. Эко-стикер реңи сәйкес келмейтуғын аймаққа киргенде айдаўшыларға тийисли тәртипте жәриймалар қолланыў 2 жылдан соң басланады.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА