Том Сойер қарақалпақ тилинде: китапқумарлыққа қарай әҳмийетли қәдем

Республикамызда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, дүнья әдебияты дүрданаларын ана тилинде оқыў имканиятларын кеңейтиў жолында және бир әҳмийетли мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында белгили америкалы жазыўшы Марк Твенниң “Том Сойердиң басынан кеширгенлери” шығармасының қарақалпақ тилиндеги биринши басылымы кең жәмийетшиликке салтанатлы түрде усынылды.
Бул шығарма “Plato books”, “Booky”, “Атияж” ЖШЖ ҳәм “Айдынлар” жойбары тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып, көп нусқада басып шығарылды. Презентация Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, “Plato books”, “Booky” ЖШЖ, «САГ» ҳәм “Атияж” шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Илажда 400 ден аслам мийман – студент-жаслар, жазыўшы ҳәм әдебияттаныўшылар, баспа ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Презентацияда Марк Твен дөретиўшилигиниң жәҳән әдебиятындағы орны, “Том Сойердиң басынан кеширгенлери” шығармасының жаслар тәрбиясындағы әҳмийети, сондай-ақ, шығарманың қарақалпақ тилине аўдарылыўы миллий әдебиятымыздың раўажланыўында әҳмийетли қәдем екени айрықша атап өтилди.
Илажды университеттиң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Ғ.Сейтеков ашып берип, қатнасыўшыларды китаптың презентациясы мүнәсибети менен қутлықлады. Сондай-ақ, шығарманы қарақалпақ тилине аўдарған Гүлнара Исмаилова шығып сөйлеп, аўдарма процеси ҳәм шығарманың өзине тән тәреплери ҳаққында пикир билдирди.
Илаж шеңберинде “Booky” жойбарының тийкарын салыўшылардан бири Азизбек Дабылов “Айдынлар” жойбары бойынша толық презентация өткерип, жойбар шеңберинде әмелге асырылып атырған аўдарма жумыслары, қайта басылымлар ҳәм аудиокитаплар жаратыў бойынша режелер менен ортақласты.
Бағдарлама даўамында қатнасыўшылар менен ашық пикирлесиў ҳәм сораў-жуўаплар шөлкемлестирилди. Ең белсенди ҳәм мазмунлы сораўлардың авторлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен китап ваучерлери ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Атап өтилгениндей, китапқумарлардың талап ҳәм мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде дүнья әдебиятының белгили шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарыў, алдын басып шығарылған дүрданаларды қайта басып шығарыў ҳәм оларды кең жәмийетшиликке жеткериў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, француз жазыўшысы Антуан де Сент-Экзюперидиң “Кишкене шаҳзада” шығармасы қарақалпақ тилинде 2000 нусқада басып шығарылып, китапқумарлар тәрепинен жыллы күтип алынды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Караматдин Султановтың “Әжинияз” романы қайта басып шығарылды. Буннан тысқары, қарақалпақ тилинде 20 дан аслам шығарма заманагөй дизайн ҳәм баспа усылында қайта басып шығарылды. Атап айтқанда, А.С. Пушкинниң “Таңламалы қосықлары,” Абай Қунанбаевтың “Қара сөзлер,” Ш. Айтматовтың “Балалығым,” Д. Дефоның “Робинзон Крузо,” Д.С. Клейсонның “Вавилонның ең бай адамы,” Ф. Достоевскийдиң “Жынаят ҳәм жаза” сыяқлы шығармалары усылар қатарына киреди.
Жақын күнлерде және бир қатар жаңа китаплардың презентацияларын өткериў режелестирилген.




Соның менен бирге, бул шығармалардың қарақалпақ тилиндеги аудио ҳәм электрон вариантларын таярлаў жумыслары да избе-из жолға қойылмақта. Бул форматлар заманагөй мәлимлеме орталығына сай болып, китапқумарлар қамтып алыўын және де кеңейтиўге хызмет етеди. Буннан тысқары, аудио ҳәм электрон басылымлар келешекте жасалма интеллект технологиялары ушын әҳмийетли ҳәм исенимли мағлыўматлар базасын қәлиплестириўде таяр контент сыпатында пайдаланылады. Бул болса қарақалпақ тилинде санлы өнимлер жаратыў имканиятларын кеңейтип, миллий тилимиздиң санлы мәкандағы потенциалын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған “Бес баслама” жойбарының төртинши басламасы – жасларды китапқумарлыққа кеңнен тартыў ҳәм олардың руўхый-ағартыўшылық раўажланыўына жәрдемлесиў бағдарының әмелий көриниси болды. Бүгинги презентация жаслардың илимге, әдебиятқа ҳәм пикирлеўге болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етпекте.
Сондай-ақ, “Жас китапқумар,” “Жас китапқумар шаңарақ,” “Заковат” сыяқлы интеллектуаллық таңлаўлар да жасларды китап оқыўға шақырыў, билимге қуштарлық ҳәм пикирлеў мәдениятын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Улыўма алғанда, жәҳән бесцеллер шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарыў, оларды қайта басып шығарыў, аудиокитаплар жаратыў ҳәм келешекте фильм вариантларын таярлаў басламалары жаслар арасында китапқумарлықты буннан былай да раўажландырыў, миллий әдебиятымыз ҳәм мәдениятымызды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги