«Билимлер бәйгиси» жуўмақланды

7

Жыл даўамында өткерилген «Билимлилер бәйгиси» интеллектуаллық телевикторина ойынлары өз жуўмағына жетти.

Оғада қызықлы өткерилген телевикторина ойынларының жуўмақлаўшы басқышында Кегейли районы командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис ҳәм Тахтакөпир районлары командаларына несип етти.

Өткерилген жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, биринши орынды ийелеген Кегейли районы командасының оқыўшылары болса, шет елге баратуғын билимлендириў саяхатына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы