Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жоқары Евразиялық кеңеси мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

9

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бәринен бурын, Россия Федерациясы Президенти ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге миймандослық ҳәм бүгинги ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Беларусь тәрепиниң, Беларусь Республикасы Президенти Александр Григоревич Лукашенконың Евразия экономикалық аўқамына нәтийжели басшылығын айрықша атап өтпекшимен. Бул дәўирде көп тәреплеме әмелий бирге ислесиў жаңа пәтке ийе болды.

Глобаллық базарлардың барған сайын бөлинип баратырғаны, логистика шынжырларының қурамаласып атырғаны ҳәм инвестициялық ресурсларды бөлистириўде тийкарғы бағдарлардың өзгерип атырғаны шараятында биз ушын стратегиялық ҳәм тәбийғый шериклеримиз болған Евразия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен прагматикалық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириў принципиаллық әҳмийетке ийе болмақта.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бақлаўшы мәмлекет статусындағы бирге ислесиўдиң кейинги төрт жылында Өзбекстанның ЕАЭА мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы дерлик еки есеге артты.

Экономикалық байланыслар қурамында жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлеси артып атырғаны, кооперациялық жойбарлардың кеңейип атырғаны турақлы пәт көрсетип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Бул бирге ислесиўшилеримиз өндирис шынжырларын беккемлеўден ҳақыйқый мәпдар екенлигин сәўлелендиреди.

Өзбекстан Евразияның тийкарғы форматларында белсене қатнаспақта.

Евразия экономикалық комиссиясы менен саўда, санаат, қаржы, аграр санаат ҳәм транспорт тараўларында 40 қа шамалас анық илажларды өз ишине алған үш жыллық реже әмелге асырылмақта.

Биргеликтеги Жумысшы топар форматындағы жумыслар даўам етпекте: оның бесинши мәжилисин келеси жылы Ташкент қаласында өткериўди режелестирмектемиз.

Сондай-ақ, ЕАЭАның электрон саўданы раўажландырыў, жүк тасыўды санластырыў ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиў бойынша тармақлық бағдарламаларында қатнаспақтамыз.

Өзбекстан ҳәм ЕАЭА бажыхана шегаралары арқалы алып өтилетуғын товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққында мәлимлеме алмасыў бағдарында келисим дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў ҳаққындағы қарардың қабыл етилгенин алғыслаймыз.

Трансшегаралық мағлыўматлар алмасыўы бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыў, кешигиўлерди азайтыў ҳәм транспорт системаларымыздың Евразия коридорларына интеграциялаўға хызмет ететуғынына исенемиз.

Өзбекстанның Евразия раўажланыў банкине қосылыўы бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды. Банк пенен биргеликте инфраструктура, энергетика, металлургия, химия ҳәм басқа да тармақларда перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

ЕАЭА менен бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы тийкарғы бағдарларымызды қысқаша айтып өтпекшимен.

Биринши. Саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыў тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта.

Техникалық жақтан тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық нормалар бағдарындағы қатнасларды жақынластырыў мақсетинде ҒМДА ҳәм ЕАЭА институтлары арасындағы муўапықластырыўды жеделлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.

Артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм талапларды бирдей етиў бойынша “жол картасы”н ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Техникалық жақтан тәртипке салыў, сертификатлаў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиндеги айырмашылықлар менен байланыслы мәселелерди оператив шешиў мақсетинде тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар бойынша “Өзбекстан – ЕАЭА” биргеликтеги Муўапықластырыўшы топарын дүзиўди усыныс етемиз.

Екинши. Санаат кооперациясын раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақтамыз.

Машина қурылысы, энергетика, агросанаат комплекси, химия ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлардың дизимин биргеликте қәлиплестириў зәрүр.

Өзбекстанның ЕТРБға қосылыўы мүнәсибети менен шерикликтиң стратегиялық бағдарларын биргеликте белгилеп алыў ҳәм тийкарғы инфраструктуралық ҳәм “жасыл” жойбарларды, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўды қамтып алған “жол картасы”н ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Банк тек ғана қаржыландырыў дереги емес, ал интеграция жойбарларына инвестицияларды тартыў катализаторына айланыўы мүмкин екенине беккем исенемиз.

Үшинши. Санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў нийетиндемиз.

Санлы платформаларды, соның ишинде, электрон коммерция ҳәм санлы маркировканы өз-ара байланыстырыў бойынша ЕАЭА менен “жол картасы”н таярлаўды усыныс етемиз.

Бажыхана ҳәкимшилигин санластырыў ҳәм жүк тасыўдың “тигиссиз” моделине өтиўди де тийкарғы ўазыйпа сыпатында көрмектемиз.

Төртинши. Биз ЕАЭАның биомедицина, жаңа материаллар, агротехнологиялар, энергетика ҳәм робототехника сыяқлы бағдарларды қамтып алыўшы технологиялық платформаларына қосылыўдан мәпдармыз.

Бесинши. Туризм тараўында интеграцияласқан мәлимлеме ресурсын қәлиплестириўге де қосылыўға таярмыз.

Бундай қатнас мәмлекетлеримиз туристлик өнимлериниң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў имканиятын береди.

Ҳүрметли дослар!

Өзбекстан ЕАЭА менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў тәрепдары.

Пурсаттан пайдаланып, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Бирлеспеге басшылық Қазақстанға өтиўи мүнәсибети менен табыслар тилеймен.

Бәршеңизди ҳәм дос халықларымызды кирип киятырған Жаңа жыл менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.