22-декабрь – Энергетиклер күни

9

22-декабрь – жылдың ең қысқа күни ҳәм ең узын түни есапланады. Әйне усы күни планетамыздың тийкарғы энергия дереги болған қуяш Жерге ең аз жақтылық ҳәм ыссылық узатады. Тәбияттағы бул ҳәдийсе инсан турмысына ҳәм хожалық искерлигине тиккелей тәсир көрсетеди. Суўық күшейеди, түнлер узаяды, энергия жумсалыўы жыл даўамында ең жоқары ноқатқа шығады. Электр энергиясы, ыссылық ҳәм жақтылыққа болған талап кескин артады. Усындай бир күнде энергетика тараўы хызметкерлериниң кәсиплик байрамы белгилениўи символикалық мәниске ийе болып, заманагөй цивилизацияның энергияға қаншелли байланыслы екенин еслетеди.

22-декабрь энергетиклердиң кәсиплик байрамы сыпатында Украина, Қырғызстан, Россия ҳәм Өзбекстан сыяқлы бир қатар ҒМДА мәмлекетлеринде белгиленеди. Дәслеп, энергетиклер күни декабрь айының үшинши екшембисинде белгиленген. Мәселен, Қазақстанда ҳәзирге шекем бул дәстүр сақланып қалған. Бирақ 1980-жылдан қабыл етилген рәсмий қарар менен байрам 22-декабрьге көширилди.

Бүгинги күнде энергетикасыз турмысты көз алдымызға келтириў қыйын. Жақтылық, ыссылық, байланыс, транспорт, мәлимлеме технологиялары, медицина – булардың барлығы турақлы энергия тәмийнатысыз ислемейди. Әсиресе, жылдың ең суўық ҳәм қараңғы дәўиринде энергетика хызметкерлериниң жуўапкершилиги және де артады.

Дилдора Дўсматова,

ӨзА