Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди

20

Шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары, “Меҳирли мектеп” оқыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыздың шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар және социаллық қорғаўға мүтәж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғалары” Қарақалпақстанға жетип келди.

Усы 3 жастан 9 жасқа шекемги балаларға мөлшерленген “Президент саўғалары”ның қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар ҳәм басқа да саўғалар киргизилген.

Президент саўғалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 25-декабрь күни салтанатлы түрде тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги