Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ он екинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

10

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни сенаторлар “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды көрип шығыўдан баслады.

Нызамды қабыл етиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, бул зәрүрлик жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилиўи, оның қағыйдалары бирдей қолланылыўы ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормаларын оған муўапықластырыўдан келип шықпақта.

Бул нызамда жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәкимлер лаўазымлары бир-биринен ажыратылғанлығы себепли 9 кодекс ҳәм 69 нызам қайта көрип шығылып, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жүкленген ўәкилликлерди жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыў уйымлары арасында қәнигелестириў нәзерде тутылмақта.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары күшли кеңес, есап бериўши ҳәм интакер ҳәким принципи тийкарында ўәкиллик ҳәм атқарыў уйымлары арасында анық бөлистирилип атырғаны, жергиликли Кеңес ҳәм ҳәкимликлердиң жумысына тән болмаған және республикалық атқарыў уйымларының ўәкилликлерине байланыслы тәкирарланыўшы 8 ўазыйпа бийкар етилип атырғаны додалаўлар даўамында сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларының кейинги басқышын әмелге асырыўға, Конституцияда белгиленген ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары Кеңеслери ўәкилликлериниң бөлистирилиўине тийкарланған мәмлекетлик ҳәкимиятты шөлкемлестириўдиң жаңа моделиниң толық әмелге асыўына және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өртлердиң алдын алыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары елимизде өртлердиң алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў бағдарында кең көлемли илажлар көрилмекте.

Онда пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкин исенимли қорғаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда тутас өрт қәўипсизлиги системасын жаратыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Өртлердиң алдын алыў бойынша көрилип атырған илажларды күшейтиў менен бир қатарда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў зәрүрлиги де бар.

Бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғаны ушын лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги күшейтилиўин ҳәм “Өрт қәўипсизлиги ҳаққында”ғы нызамға мәмлекетлик өрт қадағалаўы уйымларының ўәкилликлерин анықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымша киргизилмекте.

Атап айтқанда, “Өрт қәўипсизлиги ҳаққында”ғы нызамның 6-статьясы толықтырылмақта. Соның ишинде, Айрықша жағдайлар министрлигине өртлер менен байланыслы айрықша жағдайлардың ҳәм халықтың өмири және денсаўлығына басқаша тәризде турақлы қәўип пайда болыўының алдын алыў мүнәсибети менен исбилерменлик субъектлериниң жумысын нызамшылықта белгиленген тәртипте тоқтатып турыў ўәкиллиги берилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам өртлердиң алдын алыўға, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғаны ушын ҳуқықый тәсир илажларының және де нәтийжели қолланылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, он екинши жалпы мәжилисте “Балаларды зорлықтан қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың институционаллық ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын және де күшейтиў, оларды жынысый зорлықтан қорғаў, жынаят процесинде гүўа сыпатында тартыўдың анық механизмлерин белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызам менен Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске балаларға байланыслы Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланып уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, Жынаят-процессуаллық кодекске жас өспирим гүўа ямаса жәбирлениўшини сораўдың бир күн даўамындағы улыўма даўамлылығын ҳәм оларды сораў етиў процесинде нызамлы ўәкиллердиң қатнасыў тәртибин белгилейтуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам жынаятлардың алдын алыўға, исленген жынаятлар ушын жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде “Ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, “Қурал ҳаққында”ғы және “Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында”ғы нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, аймақларда ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың алдын алыў мақсетинде суўық қурал алып жүриў ҳуқықбузарлығын бир жыл даўамында қайтадан ислегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Соның ишинде, бул ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын ҳуқықбузарлық предметлерин конфискациялап ямаса конфискациясыз, базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Жынаят кодексиниң 1261-статьясының төртинши – сегизинши бөлимлеринде нәзерде тутылған шаңарақлық зорлық пенен байланыслы жынаятларды ислегенлик судланғанларға судланғанлық жағдайы тамамланғанынан ямаса алып тасланғанынан ямаса амнистия актиниң қолланылғанынан кейин он жыл даўамында руқсатнама бермеўге себеп болады. Егер ҳуқықбузарда оқатар қурал бар болса, усы оқатар қурал ҳәм оның оқ-дәрилерин алып қойыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, ишкиликке руқсат берген шахсларды мәжбүрий емлениўге жибериў ушын бир жыл даўамында бир мәртеден артық ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў емес, ал бир жыл даўамында бир мәрте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаны тийкар болатуғыны белгиленбекте.

Онда шахсты мәжбүрий емлениўге мүтәж деп табыў ўәкиллигин алыс аймақларда қәнигелестирилген районлараралық медициналық комиссияларға да бериў, сондай-ақ, наркологиялық экспертизаларды өткериў ушын қәнигелестирилген районлар аралық медициналық комиссия дүзилетуғын алыс аймақлардың дизимин Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықлаў нәзерде тутылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша орынларда профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам мақулланды.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Соңғы жылларда мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, ықшам басқарыў системасын қәлиплестириў, мәмлекетлик буйыртпашылардың товарларға (жумысларға, хызметлерге) болған талапларын тәмийинлеў процесин жетилистириў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын көрип шығыў механизмлерин жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келип атырғанына айрықша итибар қаратылды. Онда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырыў, интеллектуаллық мүлк объектлериниң ҳәм олардың товар белгисине болған ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, соңғы үш жылда Өзбекстанда товар белгилерин дизимнен өткериўге болған талап күннен-күнге артып бармақта. Атап айтқанда, 2023-жылы 3 155 гүўалық берилген болса, усы жылдың өткен дәўиринде бул көрсеткиш 4 484 ке жеткен.

Усыларды есапқа алып, “Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳәм товарлар келип шыққан орын атамалары ҳаққында”ғы нызамға киргизилип атырған қосымшаға тийкарланып товар белгисине байланыслы гүўалықтың әмел етиўи ҳуқық ийеси болған юридикалық тәреп сапластырылғанда, ҳуқық ийеси болған физикалық тәреп қайтыс болып, оның ўәсиятнама ямаса нызам бойынша мийрасхорлары болмағанда мәпдар шахстың арзасына бола суд қарары тийкарында мүддетинен алдын сапластырылыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте комплексли экспертизадан өткерилиўи керек болған мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў бойынша тиккелей шәртнамаларды комплексли экспертизадан өткермеген лаўазымлы шахсларға да ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде нызамшылыққа киргизилип атырған жаңа нормалар интеллектуаллық жумыс нәтийжелерин нәтийжели қорғаўға хызмет ететуғынын атап өтти. Сондай-ақ, олар ҳуқықты қолланыў әмелиятында ҳәр қыйлы талқылаў ҳәм қыйыншылықлар жүзеге келиўиниң алдын алыўға және мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Додалаў жуўмағында нызам мақулланды.

Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қоршаған орталықтың, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясының қорғалыўын күшейтиўге, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, айырым түрдеги қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы нызамшылық талапларын бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары исленген қылмыстың жәмийетлик қәўиплилик дәрежесине ҳәм келип шығатуғын ақыбет муғдарына салыстырғанда сәйкес емеслиги ушын усы түрдеги ҳуқықбузарлықлар саны артып бармақта.

Нызам менен бир қатар нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы нызамда қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўдиң I ҳәм II категорияларына тийисли жумыс түрлери менен шуғылланыўшы юридикалық тәреплер патасландырыўшы дәреклерде орнатылатуғын автомат мониторинг станцияларының мағлыўматларын қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторинги системасының бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына реал ўақыт режиминде киргизиўи мәжбүрий екенлиги атап өтилмекте.

Сондай-ақ, “Шығындылар ҳаққында”ғы нызамда пуқаралар белгиленбеген орынға таслаған шығындысын алып шығып кетиўи ямаса нызамшылықта белгиленген тәртипте шығындыларды алып шығып кетиў менен байланыслы қәрежетлердиң орнын қаплап бериўи шәрт екенлиги нәзерде тутылмақта.

“Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамға мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм путаларды көширип өткериў ушын руқсат бериў тәртибин енгизиў менен байланыслы өзгерислер киргизилмекте.

Қоршаған тәбийғый орталықты патаслағаны, жер, жер асты байлықларынан пайдаланыў шәртлерин бузғаны, егисликлерди, тоғайларды, тереклерди ямаса басқа да өсимликлерди зыянлағаны, набыт еткени ушын жынайый жаза илажлары күшейтилмекте.

Сондай-ақ, елатлы пунктлердеги ирригация системаларын көмип таслағаны, көп квартиралы жайға тутас топырақлы ҳәм жасыл қапламалы жер участкасын өзбасымшалық пенен бетонластырыў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлеўге ҳәм халық ушын қолайлы экологиялық орталық жаратыўға, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын және мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириўге, биологиялық көптүрлиликти сақлаўға, тәбийғый ресурслардың кепилленген қорғалыўына хызмет етеди.

Додалаў соңында нызам мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиўге, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң жумысын қоллап-қуўатлаўға, халықты сапалы ҳәм қәўипсизлиги кепилленген дәри қураллары және медициналық буйымлар менен тәмийинлеўге қаратылған избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Нызам менен Жынаят кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс, Жер кодекси және “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Жер кодексине жер участкасын ижараға алыў шәртнамасы бойынша ҳуқық ҳәм миннетлемелерди толық ямаса бир бөлегин басқа шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) руқсат бериўди нәзерде тутатуғын қосымша киргизилмекте.

Сондай-ақ, “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы нызамға фермер хожалығының басшысы исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға жол қойылмайтуғын жумысқа қабыл етилгенде, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын өз шаңарақ ағзаларынан бирине бериўи мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте товарлар ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўине ямаса реализацияланыўына нызамға қайшы түрде араласқаны ямаса тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, дәри қуралларын рецепт бойынша усақлап реализациялаў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға “Ватандош” картасы ийелериниң шаңарақ ағзалары ушын әмелдеги виза мүддетин көп мәртелик виза етип созғанлығы ҳәм “Ватандош” картасы ийеси ҳәм оның шаңарақ ағзалары турған орны бойынша дизимнен өткерилгенлиги, сондай-ақ, дизимнен өткериў мүддети созылғанлығы ушын мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм олардың финанслық имканиятларын кеңейтиўге тийкар жаратады. Буннан тысқары, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, дәри қуралларын реализациялаў талапларына қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетлерине де ерисиледи.

Сенаторлар бул нызамды мақуллады.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының Турақ жай кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, турақ жай қатнасықларын ҳуқықый тәртипке салыўдың бир пүтин системасының жоқ екенлиги турақ жай сиясатын избе-из әмелге асырыўды қыйынластырып, өз гезегинде, тараўдағы мәмлекетлик басқарыўды қайта көрип шығыўды ҳәм тәртипке салыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиўди талап етпекте. Буннан тысқары, Турақ жай кодекси ҳәм Пуқаралық кодексинде нәзерде тутылған ҳәм бир-бирин қайталайтуғын айырым нормалар өз-ара қарама-қарсы болып, ҳуқықты қолланыў процесинде ҳәр қыйлы тартыслы жағдайларды келтирип шығармақта.

Бул машқалаларды сапластырыў мақсетинде “Өзбекстан Республикасының Турақ жай кодексин тастыйықлаў ҳаққында”ғы нызам ислеп шығылған.

Сенаторлар тәрепинен алып барылған үйрениў ҳәм таллаўлар нызамда қайта көрип шығылыўы лазым болған мәселелер бар екенлигин көрсетти.

Атап айтқанда, Кодекстиң 7-статьясында Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң көп квартиралы турақ жайлардан техникалық жақтан пайдаланыў нормальары ҳәм қағыйдаларына әмел етиў үстинен қадағалаўды әмелге асырыў белгиленген.

“Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында”ғы нызамда болса бул ўәкилликлер Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы Көп квартиралы турақ жай фондынан пайдаланыў тараўын қадағалаў инспекциясына берилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-августтағы ПП-151-санлы пәрманына тийкарланып Көп квартиралы турақ жай фондынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы, Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳәм Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы негизинде Министрлер Кабинети жанындағы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы шөлкемлестирилген.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, Кодекстиң 7-статьясында белгиленген Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң ўәкилликлерин қайта көрип шығыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Кодекстиң 30-статьясында турақ жайды мүлк ийелери менен дүзилетуғын шәртнама тийкарында бузыў ҳәм орнында жаңа имарат қурыў тәртиби белгиленген болса, 36-статьясында да турақ жайларды бузыў ҳәм олардың орнында жаңа турақ жайлар қурыў нәзерде тутылған.

Бир мүнәсибет Кодекстиң 2 статьясында қайта-қайта баян етилип атырғанлығы себепли 30 ҳәм 36-статьяларын муўапықластырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, Кодекстиң 40-статьясында турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж 5 категория шахслар көрсетилген.

Бул категорияларды белгилеўде тийкар етип алынған Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 26-февральдағы 170-санлы қарары менен тастыйықланған Турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларды есапқа алыў, мәмлекетлик турақ жай фондындағы турақ жайларды бөлистириў ҳәм бериў тәртиби ҳаққындағы реже бийкар етилген.

Оның орнына Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-марттағы 124-санлы қарары менен Мәмлекетлик турақ жай фондынан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

Усы Режеде 5 категориядан тысқары турақ жай ажыратылып атырған елатлы пунктте кеминде үш жыл жасап атырған ҳәм дизимде турған пуқаралар да турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқаралар есапланатуғыны белгиленген.

Бул жерде турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқаралар категориясын қайта көрип шығыў зәрүр болады.

Сенаторлар бул нызамда және басқа да бир-бирине қарсы нормалар ҳәм әмелге асырылған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде қайта шөлкемлестирилген инспекциялар мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Жоқарыдағыларды есапқа алып, сенаторлар нызамды бийкарлады.

Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде “Орайлық Азия – Қытай” форматы секретариаты ҳаққындағы режени ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай арасындағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, сиясий сөйлесиў, экономикалық раўажланыў, транспорт-коммуникация, инвестиция, энергетика, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Режеде “Орайлық Азия – Қытай” форматы шеңберинде Секретариаттың ўазыйпалары, механизмлери ҳәм бирге ислесиў бағдарлары белгилеп бериледи. Атап айтқанда, Секретариат бирге ислесиўши мәмлекетлер арасындағы келисимлерди муўапықластырыў, әмелий жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм турақлы сөйлесиў платформасын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди.

Режениң ратификацияланыўы Өзбекстанның регионаллық интеграция процесслериндеги қатнасын күшейтип, аймақлық экономикалық, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық, транспорт ҳәм логистика бағдарларын раўажландырыў, жаңа коридорлар жаратыў ҳәм саўда айланысын арттырыўға хызмет етеди.

Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўге байланыслы басламаларын әмелге асырыўда, “Орайлық Азия – Қытай” форматы шеңбериндеги коньструктивлик сөйлесиў ҳәм әмелий шерикликти буннан былай да күшейтиўде әҳмиетли қәдем болып хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде басқарыў сервис компаниялары ҳәм турақ жай мүлк иелери ширкетлери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселеси додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен халыққа турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиўди пүткиллей жақсылаў ҳәм коммуналлық хызметлердиң басқарыў системасын жетилистириў арқалы оның нәтийжелилигин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, өткен дәўир даўамында тараўды тәртипке салыўға байланыслы 50 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген.

Бүгинги күнде республикамызда 44 280 көп квартиралы жай болып, олардағы 1,5 миллионнан аслам квартираларға 971 басқарыў сервис компаниясы ҳәм 241 турақ жай мүлк ийелери ширкети хызмет көрсетпекте.

Жалпы мәжилисте сенаторлар турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиўди жақсылаў ҳәм коммуналлық хызметлердиң басқарыў системасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, халықтың ҳақылы наразылықларына себеп болып атырған ҳәм өз шешимин күтип атырған айырым мәселелерге де итибар қаратты.

Соның ишинде, айырым басқарыў компаниялары тәрепинен мәжбүрий төлемлерди белгилеўде “Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў ҳаққында”ғы нызамға әмел етпеўи ҳәм көрсетилип атырған хызметлер ҳаққында турақ жай мүлк ийелерине өз ўақтында есап бермеўи мүлк ийелериниң ҳақылы наразылықларына себеп болмақта.

Буннан тысқары, көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелериниң келисимисиз жайдың жер төлеси ижараға берилиўи, сондай-ақ, ижараға берилген улыўмалық мүлк ижарасы ҳаққындағы мағлыўматлар “Мениң үйим” биллинг системасына бириктирилмегени ҳәм басқарыў компаниялары тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылмай атырғаны айрықша атап өтилди.

Додалаў жуўмағында усы сыяқлы бир қатар мәселелерге анықлық киргизиў мақсетинде Сенаттың Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Сенаттың жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Захидовқа мийнет нызамшылығына әмел етилиўи бойынша жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додалаў орайында болды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың өткен дәўиринде мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары, қәўипсиз ҳәм қолайлы мийнет шараятларын тәмийинлеў, әдил мийнет ҳақы төлениўи ҳәм мийнет қатнасықларының ашық-айдынлығын күшейтиўге қаратылған 50 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбары ислеп шығылған. Бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалар мийнет қатнасықларын демократиялық ҳәм инсаныйлық принциплери тийкарында жетилистириўге хызмет етпекте.

Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде 12 840 мәмлекетлик қадағалаў илажы өткерилип, 28 801 нызам бузылыў жағдайы анықланған. Анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде лаўазымлы шахсларға 5 715 жазба көрсетпе ҳәм 150 усыныс хаты киргизилген. Сондай-ақ, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мақсетинде 15 180 кәрхана хатлаўдан өткерилип, 69,5 мың жумыс орны рәсмийлестирилген.

Соның менен бирге, сенаторлар айырым бағдарларда шешилиўи зәрүр болған әҳмийетли машқалалардың бар екенлигин де атап өтти. Соның ишинде, Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен өткерилген қадағалаў илажлары өткен жылға салыстырғанда 32 процентке азайғаны тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың артыўына хызмет етиўи мүмкин екени атап өтилди. Жумыс орынларында техникалық қәўипсизлик талапларына әмел етилмегенлиги ақыбетинде 524 бахытсыз ҳәдийсе жүз берип, 806 хызметкер жәбирленген. Олардан 139 адам қайтыс болған, 417 адам аўыр, 250 адам жеңил дене жарақатын алғаны жағдайдың аўырлығынан дерек береди.

Бахытсыз ҳәдийселердиң тийкарғы себеплери сыпатында жумыс бериўшилер тәрепинен саламат ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларының жаратылмағаны, жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинлеўдеги жетиспеўшиликлер, мийнетти қорғаў қағыйдаларына әмел етилмегени ҳәм хызметкерлердиң қәўипсизлик мәдениятына итибарсызлығы келтирип өтилди. Нызамбузыўшылықлар бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен 61 жынаят иси қозғатылған.

Буннан тысқары, мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен нызамсыз жумыстан босатылған хызметкерлерди жумысқа тиклеўге байланыслы 261 суд қарарының өз ўақтында орынланбағаны, бул болса халықтың наразылығының келип шығыўына ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қәрежетлерге себеп болғаны сенаторлар тәрепинен қатаң сынға алынды.

Додалаў жуўмағында парламентлик сораў нәтийжелери бойынша тийисли қарар қабыл етилип, мийнет нызамшылығының орынланыўын ҳәм мийнет ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиўге қаратылған анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Сенаторлар суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының директоры М.Эгамбердиевқа жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, парламентлик сораўда сәўлеленген мәселелер бойынша белгили жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде 4,2 миллион орынлаў ҳүжжети бойынша қарыздарлықлар өндирилип, бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 48 процентке артқан.

Усы дәўирде жәми 29,9 триллион сум, соның ишинде, мәмлекет пайдасына 17,9 триллион сум өндирилип, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда улыўма өндириў 2,9 триллион сумға (11 процент), мәмлекетке өндириў болса 7,6 триллион сумға (73 процент) артқан.

Мәжбүрий орынлаў тараўына IТ-технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм орынлаў процесинде инсан факторын азайтыў мақсетинде “МИБ – Портал” бағдарламасы 39 министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң 68 мәлимлеме системасына интеграцияланған. Тараўды санластырыў нәтийжесинде Бюрода 20 дан аслам мәлимлеме системалары ислеп шығылған ҳәм 95 миллиард сум қаржылардың үнемлениўине ерисилген.

Соның менен бирге, парламентлик сораўдағы айырым мәселелер елеге шекем әҳмийетлилигинше қалып атырғаны атап өтилди.

Соның ишинде, “Алимент төлемлери” қоры есабынан төлеп берилген қаржылар ҳәм олардың қорға қайтарылыўы бойынша жетерли илажлар әмелге асырылмаған.

Суд ҳәкимиятының ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслар және пуқаралар ушын мәжбүрий екенлигин әмелде тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар жетерли емеслиги себепли, айырым ҳәкимликлер, мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған ҳәм бюджет шөлкемлери тәрепинен қарыздарлық өз ўақтында төленбей қалмақта.

Сенаторлар тараўға жасалма интеллект технологияларын енгизиў, нызамшылықты жетилистириў, мәжбүрлеў механизминен пайдаланбастан орынланатуғын ҳүжжетлердиң категориясын буннан былай да кеңейтиў сыяқлы бағдарларға итибар қаратыў зәрүр екенлиги ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.Шариповқа студентлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, парламентлик сораўда көтерилген мәселелер бойынша белгили жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мақсетинде министрлик тәрепинен өз алдына “жол картасы” тастыйықланып, орынлаўға қаратылды.

Жәмийетлик топар профилактика инспекторлары менен келискен ҳалда студентлер қалашасы ҳәм жатақхана әтирапында 24 саатлық нәўбетшилик ҳәм патрульлик хызметин шөлкемлестирди.

2025-2026-оқыў жылынан баслап “Социаллық белсендилик индекси” енгизилип, студентлердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм спорт тараўларындағы белсендилиги, барлық ҳәрекетлери платформа арқалы онлайн баҳалап барылмақта.

Быйылғы оқыў жылында “Ағартыўшылық үлестирип” ҳәм “Әдебий-ағартыўшылық ҳәптелик” жойбарларына 280 мың, “Реформалар билимданы”, “Китапқумар”, “Ағартыўшылық майданы” сыяқлы жойбарларға 450 мың студент қамтып алынды.

Ишки туризмди раўажландырыў, тарийхый естеликлер, мәдений мийрас объектлерине, театр ҳәм музейлерге сапарларды шөлкемлестириў арқалы студентлерди ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаў мақсетинде быйылғы оқыў жылында да сапарлар шөлкемлестирилип, оларға 1 миллионнан аслам студент-жаслар тартылатуғыны белгиленди.

“Студентлер лигасы”, “Бес баслама олимпиадасы”, “Универсиада” спорт жарысларына қамтып алыў – 540 мыңға жеткерилди.

“Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен” сүрени астындағы руўхый-ағартыўшылық илажларға 620 мыӊ студент қамтып алды.

Жоқары билимлендириў шөлкемлериниң барлық бакалавриат тәлим бағдарлары ушын өтилетуғын “Философия” пәнине “Коррупцияның мәниси, ақыбетлери ҳәм оған қарсы гүресиў механизмлери”, “Өзбекстанның коррупцияға қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўиниң мақсетлери ҳәм бағдарлары” ҳәм басқа да темалар киргизилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Ҳуқықты қорғаў академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланған “Коррупцияға қарсы гүресиў” арнаўлы оқыў курсы бағдарламасы тийкарында барлық бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын график тийкарында 16 саатлық арнаўлы курс сабақлары өткерилмекте.

Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда тараўда өз шешимин күтип атырған мәселелерге де итибар қаратылды.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң жатақханаларына студентлердиң кирип-шығыўын мониторинг етиўди санластырыў мақсетинде “Face-ID” камера ҳәм турникетлер орнатыў мақсетке муўапық болса да, ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилмегенлиги нәтийжесинде айырым жоқары билимлендириў шөлкемлеринде бул система орнатылмаған.

Усы жылдың 9 айы даўамында студентлер тәрепинен 487 жынаят исленип, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105 ге ямаса 13 процентке азайған болса да, бүгинги күнде жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлер менен руўхый-ағартыўшылық жумысларды алып барыў ҳәм ата-аналар менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўға жетерли итибар қаратылмағанлығы себепли студентлер арасындағы жынаятшылық толық сапластырылмаған.

Сенаторлар жасларға жаратылып атырған имканиятлардан дурыс ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр екенлиги және жаслардың жынаят ислеўиниң алдын алыў менен бирге жынаятшылыққа қарсы гүресиў зәрүр екенлиги ҳаққында пикирлер билдирилди.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң қурамына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының қабыл етилген қарарына тийкарланып М.Каландарова Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң турақлы тийкардағы ағзасы – Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң судьясы лаўазымынан азат етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәсләҳәтим додаланды.

Олий Мажлис Сенатының бул мәселе бойынша қабыл етилген қарарына муўапық Маликахон Қаландарова судьялық лаўазымында болыўдың гезектеги он жыллық мүддетине, соннан бес жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары – судлаў коллегиясының баслығы етип сайланды.

Сондай-ақ, Аброрхон Акрамов, Жаҳонгир Жўраев, Носир Зайнабидинов, Мансурбек Қурбонов, Жамоладдин Курязов, Ўктам Мамадиев, Шуҳрат Муллажанов, Умида Нишонова ҳәм Одилжан Турдиев Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына он жыллық мүддетке сайланды.

Басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен О.Исмаилов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары – судлаў коллегиясының баслығы лаўазымынан, Т.Мирзаев, М.Эшимбетов, Б.Эргашев, сондай-ақ, өз арзасына бола А.Бекманов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.

Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў мәселесин де көрип шықты ҳәм Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 26 мәселе, соның ишинде, 19 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенаты

Мәлимлеме хызмети