Жәмийетлик аўқатланыў орынларында рейдлер өткерилмекте

Ҳәзирги күнлери елимизде өрт қәўипсизлигиниң бир айлығы шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Айлық шеңберинде, республикамыздың газ тәмийнаты тараўы қәнигелери жәмийетлик орынларда болып, тәбийғый газден қәўипсиз пайдаланыў бойынша арнаўлы рейд ҳәм үгит-нәсият жумыслары турақлы түрде әмелге асырылмақта.
Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсети тутыныўшылардың тәбийғый ҳәм суйылтырылған газден дурыс ҳәм қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў болып есапланады. Атап айтқанда усындай рейд филиал қәнигелер тәрепинен Төрткул дийқан базарында жайласқан аўқатланыў орынларында өткерилип, онда айырым аўқатланыў орынлары суйылтырылған газ баллонлардан пайдаланып киятырғанлығы анықланды ҳәм рейд даўамында 10 дана талапқа жуўап бермейтуғын газ баллонлар жыйнап алынды. Илажда тутыныўшыларға газ баллонларынан белгиленген қағыйдағы муўапық ҳәм қәўипсиз пайдаланыў тәртиплери ҳаққында түсиниклер берилди.




– Республикамыз бойынша газ тәмийнаты кәрханасы тәрепинен тек ғана алыс аймақлардағы суйылтырылған газге бейимлестирилген хожалықлар ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери суйылтырылған газ бенен тәмийинленбекте, – дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы суйылтырылған газ тәмийнаты бөлими баслығы Руслан Ибрагимов. – Аўқатланыў орынлары газ баллонлар менен тәмийинленбейди. Бүгинги күни республикамыз бойынша 100 489 жеке хожалық ҳәм 121 Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине тийисли газ баллонлар тарқатылады.
Бул бағдардағы илажлар республикамыздың басқа да қала ҳәм районларындағы аўқатланыў орынларында алып барылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы