Белсенди ҳаял-қызларға «Итибар-2025» сыйлығы тапсырылды

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Итибар-2025» сыйлығын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген болып, усы тийкарда олардың жәмийетлик-сиясий турмысымызда белсендилиги артып, барлық тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Соны да айрықша айтыў керек, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар даўам еттирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў бағдарында көплеген жеңилликлер берилмекте, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр.
Өткерилген илажда елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий турмысында белсендилик көрсеткен, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларымыздың хызметлери баҳаланып, оларға «Итибар-2025» сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, «Жыл ҳаялы», «Гендер теңлик белсендиси» ҳәм «Жылдың ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги