Жоқарғы Кеңес Баслығы жәмийеттиң бир топар белсендилери менен ушырасты

2

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, жазыўшы, шайырлар, әдебиятшылар ҳәм социаллық тармақ белсендилери менен ушырасыўы өткерилди.

Онда республикамыз басшысы шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тек ғана Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар, пәрманлар, усы ҳүжжетлер арқалы берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти. Ушырасыўда сондай-ақ, өткен қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстан тарийхы бетлеринде өзине тән орын алған әҳмийетли жаңалықлар, бүгинги күни әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген болса, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте. Қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер тийкарында, халқымызға, соның ишинде жасларымызға бир қатар қолайлы шараятлар жаратылғаны, исбилерменлеримизге бурын болмаған кѳплеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилгени,  халықтың аўыры жеңил, узағы жақын болғанлығы, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға унамлы шешим тапқанлығы мәмлекетимиз басшысының халқымызға болған айрықша итибары ҳәм меҳириниң көриниси есапланады.

Соны да айрықша айтыў керек, өткерилген ушырасыўда барлық ийгиликли ислер, турмыслық реформалар, әҳмийетли басламалар анық мысаллар менен көрсетип берилди.

Буннан соң, қатнасыўылардың усыныс ҳәм пикирлери тыңланып, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар жәмийет белсендилери мүнәсип хошаметленди.

– Республикамыз басшысының жазыўшы-шайырлар, журналистлер, әдебиятшылар ҳәм социаллық тармақ белсендилери менен ушырасыўын зор қызығыўшылық пенен бақлап отырдым. Онда айтылған жаңалықлар ҳәм алда ислениўи белгиленген ўазыйпалар менде үлкен қанаатланыўшылық пенен бирге, мақтаныш та оятты. Бүгинги ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықландым. Буның ушын республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман. Көксиме тағылған бул сыйлық маған жоқары жуўапкершилик жүклеў менен бирге, мени жаңадан-жаңа дөретпелер дөретиўге шақырады, -дейди шайыр Раўаж Отарбаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги