“Жасыл мәкан”: жәмийетлик қадағалаў шеңберинде үйрениў жумыслары даўам етпекте

20

Гезектеги экологиялық рейд илажы Қоңырат районындағы Туран мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан “Балалар музыка мектеби” аймағында өткерилип, егилген нәллердиң жағдайы тийисли қәнигелер менен биргеликте партияның районлық Кеңеси тәрепинен үйренилди.

Мектеп әтирапына 2025-жылдың бәҳәр ҳәм гүз мәўсиминде 150 нәл егилген. Соннан 60 түби мийўели терек, 40 түби роза, 50 түби тут нәллери болып есапланады.

Мойнақ районында да экологиялық рейд өткерилди.

Экологиялық партияның Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен Арал мәкан пуқаралар жыйыны аймағында гезектеги экорейд шөлкемлестирилип, илаж даўамында мәҳәлле аймағында егилген нәллердиң жағдайы, “Жасыл мәкан” бағдарламасы шеңберинде алып барылған илажлар үйренилди.

Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде аймақта 100 түп саяманлы терек нәллери егилди. Ҳәзирги күнде районлық абаданластырыў бөлими тәрепинен нәллерди тәрбиялаў бойынша арнаўлы хызметкерлер бириктирилген ҳәм олар гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын әмелге асырмақта.

Жүзеге келген жағдай бойынша додалаўлар алып барылып, зәрүр усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги