Өзбекстан Президенти Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен бирге ислесиў режелерин додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Токиоға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти Акихико Танака менен сөйлесиўлери болып өтти.
Ушырасыўда Японияның бул жетекши финанс институты менен кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыўдың әмелий тәреплери додаланды.

Кейинги жылларда стратегиялық шерикликте жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жойбарлар шеңберинде қаржыларды өзлестириў пәти сезилерли дәрежеде өсти.
Жойбарлар портфели 8 миллиард доллардан асты. Денсаўлықты сақлаў, энергетика, транспорт, билимлендириў, санаат ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда және 3 миллиард доллардан аслам баҳадағы басламалар ислеп шығылмақта.

Сапар етиў шеңберинде экономикалық зоналар, билимлендириў, аўыл хожалығы, транспорт тараўларын раўажландырыў ҳәм медициналық үскенелер жеткерип бериў бойынша жаңа келисимлерге қол қойылды.
Япония тәрепи биргеликтеги Инсан ресурсларын раўажландырыў орайы ҳәм Жаслар инновация орайының жумысын көп жыллардан берли қоллап-қуўатлап киятырғаны жоқары баҳаланды.

Агентликтиң энергетика секторын раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, алдынғы инженер кадрларды таярлаў және “Бир аўыл – бир өним” жойбарының көлемин арттырыўдағы қатнасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер Япония инвесторлары ушын арнаўлы экономикалық зона қурыў жойбарын тез ўақыт ишинде иске қосыўға таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы JICA менен 2030-жылға шекемги Жаңа бирге ислесиў бағдарламасы шеңбериндеги жойбарларды өз ўақтында таярлаў ҳәм олардың нәтийжелери турақлы болыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
ӨзА