Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде конституциялық қадағалаў нәтийжелилигин жаңа басқышқа алып шығыў, Конституциялық суд жумысын басқышпа-басқыш санластырыў, конституциялық әдил судлаўға ерисиў кепилликлерин күшейтиў ҳәм Конституциялық судтың нызам үстинлигин тәмийинлеўдеги ролин және де арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапық қарар етемен:
- Мақсетлер
Төмендегилер Конституциялық суд жумысын жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:
(а) пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң конституциялық әдил судлаўға ерисиў, олардың бузылған конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў имканиятларын кеңейтиў;
(б) пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын (шағымларын) көрип шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, артықша бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм әўерегершиликлерди сапластырыў;
(в) Конституциялық суд ўәкилликлерин кеңейтиў арқалы атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен тәсиршең конституциялық қадағалаў орнатыў;
(г) конституциялық суд ислерин жүргизиў процесслерин толық санластырыў арқалы Конституциялық суд жумысында ашық-айдынлықты арттырыў.
- Конституциялық суд жумысының нәтийжелилигин арттырыў
- Конституциялық судтың мәмлекеттеги конституциялық нызамлылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесинде (кейинги орынларда – Мәлимлеме) атап өтилетуғын усыныс ҳәм усынысларды әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы Олий Мажлис палаталары ҳәм Конституциялық судтың төмендеги усыныслары мақуллансын:
(а) Мәлимлемеде атап өтилген усынысларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша илажлар режесин Олий Мажлис палаталары кеңеслериниң биргеликтеги қарары менен тастыйықлаў ҳәм оның әмелге асырылыўы үстинен қадағалаў орнатыў;
(б) жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен Олий Мажлис палаталары кеңеслери тастыйықлаған илажлар режесинде нәзерде тутылған тапсырмалардың орынланыўы бойынша белгиленген мүддетлерде Олий Мажлис палаталары ҳәм Конституциялық судқа мәлимлеме киргизиў.
Конституциялық судтың мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин буннан былай да жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысына келисим берилсин:
(а) Конституциялық судқа тиккелей мүрәжат етиў ҳуқықы субъекти болмаған пуқара ямаса юридикалық шахс тәрепинен Конституциялық судқа тийисли мәселе бойынша жиберилген мүрәжатты Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған субъектке жибериў;
(б) Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған субъект тәрепинен пуқара ямаса юридикалық тәрептиң мүрәжатындағы мәселе Конституциялық судқа киргизилмеген жағдайларда авторға оның мүрәжатындағы мәселени Конституциялық судқа киргизиўге тийкар жоқ екенлигин түсиндирген ҳалда хабар бериў ҳәм Конституциялық судқа мәлимлеме усыныў әмелиятын енгизиў.
- Конституциялық суд (М.Абдусаломов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2026-жыл 1-июньға шекем пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң Конституциялық судқа мүрәжат етиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплердиң шағымларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыў, конституциялық суд жумысларын жүргизиў, жуўмақ ҳәм қарарларды қабыл етиў сыяқлы процессуаллық мәселелерди өз ишине алған конституциялық суд жумысларын жүргизиўди тәртипке салыўшы конституциялық нызам жойбарын киргизсин.
- Конституциялық судтың конституциялық шағым институты нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суд қорғаўын тәмийинлеў бағдарындағы нызамшылықты жетилистириў бойынша төмендеги усыныслары мақуллансын:
(а) белгили бир ис бойынша суд тәрепинен қолланылған нызамның Конституциялық суд тәрепинен Конституцияға муўапық емес деп табылыўы суд ҳүжжетин белгиленген тәртипте қайта көрип шығыўға;
(б) белгили бир ис бойынша қолланылыўы керек болған нормативлик ҳуқықый акттиң Конституцияға муўапықлығы ҳаққында судлардың басламасы менен Конституциялық судқа Жоқарғы суд тәрепинен мүрәжат киргизилиўи жағдайын судта тийисли жумыслар бойынша жумыс алып барыўды тоқтатыў ушын тийкар сыпатында белгилеў.
III. Конституциялық суд жумысына санлы технологияларды енгизиў
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2026-2027-жылларда Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын санластырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
(а) суд қатнасыўшыларын Конституциялық суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында “Суд хабаршысы” электрон хызмети ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасы арқалы Мәмлекетлик бюджет есабынан электрон тәризде хабардар етиў;
(б) суд мәжилислери видеоконференцбайланыс режиминде, соның ишинде, мобиль қосымшадан пайдаланған ҳалда өткерилиўин тәмийинлеў;
(в) Конституциялық судтың жумысы ҳаққындағы мәлимлемениң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде пуқара ҳәм юридикалық шахсларға интерактив хызметлер көрсететуғын мәлимлеме системаларын жаратыў;
(г) әдил судлаўды әмелге асырыўда зәрүр болған мағлыўматларды пуқара ҳәм юридикалық тәреплерди әўере етпеген ҳалда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден электрон формада алыў әмелиятын жолға қойыў;
(д) суд мәжилислерин аудиожазыў арқалы жазып барыў ҳәм де суд мәжилиси баянламаларын усы система жәрдеминде қәлиплестириў.
- Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының мәлимлеме системасын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграциялаў бойынша “жол картасы” 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Конституциялық суд мәлимлеме системасын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен белгиленген тәртипте интеграциялаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм басқа да ҳүжжетлер Конституциялық судтың электрон сораўы бойынша бийпул тийкарда усынылатуғыны белгиленсин.
- 2027-жыл 1-августтан баслап Конституциялық суд жумысына төмендеги имканиятларға ийе “E-KSUD” мәлимлеме системасы сынақ тәризинде енгизилсин:
(а) Конституциялық судқа электрон формада мүрәжат етиў ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў процесин онлайн бақлап барыў;
(б) пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге әдил судлаўга ерисиўде қолайлық жаратыў мақсетинде интерактив хизметлерди көрсетиў;
(в) суд мәжилислерин тиккелей эфирге бериў имканиятын жаратыў;
(г) майыплығы болған шахслар ушын зәрүр шараятларды жаратыў.
- Конституциялық суд жумысын санластырыўда:
(а) программалық тәмийнатларды ислеп шығыўға байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, Санлы технологияларды раўажландырыў қоры ҳәм халықаралық грант, донор шөлкемлер ҳәм сырт елли шериклердиң қаржылары;
(б) зәрүр компьютер ҳәм басқа үскенелерди сатып алыўға байланыслы илажларды қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде ҳәм халықаралық грант, донор шөлкемлер ҳәм сырт елли шериклердиң қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- “Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор – ” UZINFOCOM ” ЖШЖ (кейинги орынларда – Бирден-бир интегратор) Конституциялық суд жумысын санластырыў бойынша система операторы етип белгиленсин ҳәм оған төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленсин:
(а) Конституциялық суд искерлиги менен байланыслы барлық процесслерди санластырыў;
(б) “E-KSUD” мәлимлеме системасын енгизиў, басқа мәлимлеме системалары менен интеграциясын әмелге асырыў және Конституциялық судқа бул бағдарда ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетип барыў.
- Төмендегилерге:
(а) Бирден-бир интеграторға Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң резиденти статусын сақлап қалған ҳалда, бурынғысынан басқаша тәризде, суд жумысы ушын программалық-аппарат комплекслери, мәлимлеме системалары, инженерлик инфраструктурасы, сондай-ақ, усы мақсетлер ушын зәрүр болған үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, технологиялық ҳүжжетлер ҳәм программалық тәмийнатты жеткерип бериў ҳуқықы;
(б) Конституциялық судқа:
(i) жойбар ҳәм техникалық ҳүжжетлерди таярлаў, программалық-аппарат комплекслери, автоматластырылған информациялық системалар, программалық өнимлер ҳәм инженерлик инфраструктураларын ислеп шығыў, сондай-ақ усы мақсетлер ушын зәрүр үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, технологиялық ҳүжжетлер ҳәм программалық тәмийнатты жеткерип бериў бойынша Бирден-бир интегратор менен тиккелей шәртнамалар дүзиў ҳуқықы;
(ii) программалық-аппарат комплекслери, мәлимлеме системалары, программалық өнимлер ҳәм инженерлик инфраструктурасына байланыслы жойбарларды орынлаў шеңберинде үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, технологиялық ҳүжжетлер ҳәм программалық тәмийнатты жеткерип бериў ҳәм хызметлер көрсетиў бойынша Бирден-бир интегратор менен дүзилген шәртнамалар бойынша 30 процентке шекемги муғдарда алдыннан төлемди әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.
- Конституциялық суд жумысына байланыслы шөлкемлестириў мәселелери
Конституциялық судтың жумысын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм мәлимлеме-таллаў жағынан нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде 2026-жыл 1-январьдан қосымша 8 штат бирлиги ажыратылсын.
Конституциялық судтың “Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды” эмблемасы үлгисин таярлаў ҳәм оннан пайдаланыў тәртибин тастыйықлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
(а) Конституциялық суд аппараты баслығы, экспертлер топары баслығы ҳәм бөлим баслықларына Жоқарғы суд судьясы, басқарыў хызметкерлерине болса ўәлаят дәрежесиндеги улыўма юрисдикция суды судьясы ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылады;
(б) усы бәнттиң “а” киши бәнтиндеги шәртлер алдын судьялық лаўазымында ислеген шахсларға қолланылып, усы шахслардың усы лаўазымларда ислеген ўақты судьялық стажына қосылады ҳәм пенсия тайынлаўда есапқа алынады.
- Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Конституциялық суд хызметкерлериниң мийнетке ҳақы төлеў фондына төмендегилер киргизилсин:
(а) өз хызмет ўазыйпасын ҳүжданлы орынлап атырған ҳәм де айрықша әҳмийетли жумысларды әмелге асырып атырган хизметкерлерди еки айлық лаўазым айлығы муғдарында (айрықша мийнет шараятларын есапқа алған ҳалда) сыйлықлаў;
(б) лаўазым айлығының бир есеси муғдарында (айрықша мийнет шараятларын есапқа алған ҳалда) жылына бир мәрте материаллық жәрдем пулы;
(в) лаўазым айлығының 15 проценти муғдарындағы (айрықша мийнет шараятлары, маманлық дәрежеси ҳәм лаўазым дәрежеси ушын қосымша ҳақы және мийнетти хошаметлеў коеффициенти есапқа алынған ҳалда) материаллық хошаметлеў арнаўлы қорының қаржылары.
- Министрлер Кабинети 2026-жыл 1-мартқа шекем Конституциялық судты айрықша имаратта жайластырыў, оны реконструкциялаў ҳәм үскенелеўди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (А.Хайдаров) усы Пәрманға тийкар ажыратылып атырған қосымша штат бирликлерин қаржыландырыў ушын 2026-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Конституциялық суд (М.Абдусаломов) Жоқарғы суд (Б.Исламов) ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманның талапларынан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Пәрманның орынланыўын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының суд системасын реформалаў бойынша орынбасары Н.Ж.Хакимоваға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш. Мирзиёев