Өзбекстан ҳәм Япония арасында санлы технологиялар тараўында стратегиялық бирге ислесиў кеңеймекте

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Япония ишки ислер ҳәм коммуникациялар министри Ёшимаса Хаяши менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм оны жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды. Тәреплер санлы технологиялар, телекоммуникация ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў бағдарларында өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратты.
Атап айтқанда, министр Ш.Шерматов Өзбекстанды япон компаниялары ушын перспективалы аутсорсинг орайы сыпатында алға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, усы жылдың май айында Токио қаласында IT Park’тиң биринши сырт ел филиалы ашылғаны бул бағдардағы әмелий қәдемлерден бири екени атап өтилди. Бул филиал еки мәмлекет арасындағы МТ тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, япон компанияларын Өзбекстан базарына тартыў және биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Соның менен бирге, Халықаралық электр байланыс аўқамының 2026-жылы болып өтетуғын конференциясы шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў мәселелери де додаланды.
Ушырасыў жуўмақларына бола, тәреплер еки мәмлекет арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таяр екенин билдирди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА