Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

18-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Он екинши жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнин сенаторлар “2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының нызамын додалаўдан баслады.
Шығып сөйлегенлер мәмлекетимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, соның ишинде, халықтың турмысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтип.
Усы жылы аймақларда әҳмийетли социаллық машқалаларды, мәҳәлле инфраструктурасы менен байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў бойынша Президенттиң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген.
Әмелге асырылып атырған илажлардың өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлеў ҳәм қосымша қәрежетлердиң дереклерин анықлаў зәрүрлиги жүзеге келгени атап өтилди.
Бул нызам менен “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў және көп квартиралы турақ жайларда ҳәм социаллық тараў мәкемелеринде энергия нәтийжелилигин жақсылаўға байланыслы илажлар ушын қосымша қаржы ажыратылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, бюджет қаржыларының мақсетли, нәтийжели жумсалыўын арттырыў, бюджет тәртибин беккемлеў шеңберинде қаржылардың бир бөлегин оптималластырыў ҳәм оларды қосымша қәрежетлерге бағдарлаў нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамға киргизилип атырған өзгерислер мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды өз ўақтында қаржыландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан соң “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бул нызамның мақсети 2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынлаўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Сенаторлардың атап өткениндей, 2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў, “жасыл экономика”ны раўажландырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, пуқаралардың денсаўлықты сақлаў системасы менен қамтып алыныўын кеңейтиў ҳәм сапалы билим алыў сыяқлы социаллық тараў мақсетлерине тийкарғы әҳмийет берилген.
Соның ишинде, Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 триллион сум социаллық тараўға қаратылмақта. Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң қурамында билимлендириў тараўына 100 триллион сум нәзерде тутылған, медицина тараўына болса 49 триллион сум ямаса усы жылға салыстырғанда 11,4 процентке арттырылмақта.
Нызамға тийкарланып келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
2026-жылы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурамақта. Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары болса 78,6 триллион сум, қәрежетлери болса 74,4 триллион сум (бюджетлераралық трансфертлерди есапқа алмаған ҳалда) муғдарында режелестирилмекте.
Атап айтқанда, бул нызамда 2026-жылы консолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлер болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Онда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаў ўазыйпасы нәзерде тутылған.
Додалаў процесинде сенаторлар бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыўға айрықша итибар қаратты.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде 2026-жылы макроэкономикалық сиясат тараўында тийкарғы етип белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, социаллық машқалаларды шешиў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жетилистириў ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған басқа да әҳмийетли илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Жалпы мәжилисте “Салық ҳәм бюджет сиясатының 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.
Атап өтилгениндей, келеси жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық пикирлесиўи шеңберинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
2026-жылы да салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары қосымша қун салығы 12 процент, пайда салығының базалық ставкасы – 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы – 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкасы – 1,5 процент, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы – 0,95 процент, социаллық салық – 12 процент (бюджет шөлкемлери – 25 процент), айланыстан алынатуғын салық – 4 процент муғдарында өзгериссиз қалады.
Буннан тысқары, Салық кодексинде қосымша қун салығының үзликсиз шынжырын жаратыў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, бул нызам мебель қурылысы ҳәм зергерлик тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, өнимлердиң экспортын кеңейтиў, халықтың дәраматларын арттырыў және турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге де қаратылған.
Атап өтилгениндей, нызам әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға имканият беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықлар тәртипке салыныўы нәзерде тутылмақта.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте микрофирма ҳәм киши кәрханаларға салық есабатларын өз ўақтында усынбағаны ушын жәрийма муғдары азайтылып, ақырғы үш ай ишинде салық есабатларын өз ўақтында усынған салық төлеўшилерге кейинги есабатты 5 жумыс күнине шекем кешиктирген жағдайда ҳәкимшилик жәрийма қолланылмайтуғыны белгиленбекте.
Буннан тысқары, бир календарь айда бир неше салық түри бойынша есабатлар өз ўақтында усынылмаған жағдайда, барлық есабатлар ушын тек ғана бир жәрийма қолланыў механизми енгизилмекте.
Сенат ағзалары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде экономиканың түрли тараўлары ҳәм тармақларына, соның ишинде, аўыл хожалығы, тоқымашылық, жергиликли санаат, азық-аўқат, медиа ҳәм байланыс сыяқлы тараўларға бир қатар салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилип атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, бул нызам халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын белгиленген ставкаға салыстырғанда 0,5 тен 1,2 ге шекемги азайтыўшы ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди және лазерли тегислениўи керек болған суўғарылатуғын жерлер лазерли тегисленбеген жағдайда, усы жерлер ушын пайдаланылатуғын суў көлеми бойынша салық ставкаларына салыстырғанда 1,2 ге шекемги арттырыўшы коэффициентти қолланыў ўәкиллигин бермекте.
Сенаторлар бул нызам исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеўди, тең ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеўди, ҳәкимшилик жәриймалар жүгин жеңиллестириўди және жасырын экономиканың үлесин қысқартыўға қаратылғанын атап өтти.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары “Бюджет процесиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалады.
Додалаў даўамында пуқараларды бюджет процесине тартыў имканиятларын кеңейтиў арқалы бюджет қаржыларын бөлистириўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, олардың мақсетли жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Буннан тысқары, нызамда бюджет қаржыларынан пайдаланыўда басшылардың ўәкилликлерин кеңейтиў ҳәм финанслық еркинлигин тәмийинлеў де нәзерде тутылмақта.
Атап өтилгениндей, бул нызам тийкарында бюджет қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде есабат түрлери кеңеймекте. Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат қурамына бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорларының орынланыўы ҳәм мәмлекетлик қарыз ҳаққындағы есабатлар киргизилмекте.
Нызам менен әмелдеги нызамшылыққа бюджет процесин жетилистириўге, бюджет интизамына әмел етилиўине байланыслы бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Район ҳәм қалалар ҳәкимликлерине ҳәр шеректе жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтларына және “Ашық бюджет” мәлимлеме порталына жайластырыў миннетлемеси жүкленбекте.
Соның менен бирге, бюджет қаржыларынан пайдаланыўға байланыслы мақсетли индикаторлардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларды Нызамшылық палатасының комитетлеринде ҳәр шеректиң жуўмағында тыңлап барыў әмелияты енгизилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының консолидацияласқан бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат ҳәм Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң ярым жыллық орынланыўы ҳаққындағы есабатлар Нызамшылық палатасының қарары менен тастыйықланатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң биринши шереклик ҳәм 9 айлық есабатлары болса Нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланады.
Өз гезегинде, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржыларын алыўшылар тәрепинен қәрежетлер сметасына жылына көби менен төрт мәрте өзгерис киргизиў әмелиятына шек қойылмақта.
Сенаторлар бул нызам мәмлекетимизде пуқараларды бюджет процесине кеңнен тартыў имканиятларын кеңейтиў, бюджет қаржыларын бөлистириўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сондай-ақ, 12-жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге және қосымша қунлы товарлар ислеп шығарыўды кеңейтиўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде салық жүгин избе-из азайтыў, салық салыў системасын әпиўайыластырыўға қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта. Сондай-ақ, салық ҳәкимшилигин жетилистириў арқалы экономиканы жедел раўажландырыўға ҳәм мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын арттырыўға да айрықша итибар берилмекте.
Додалаў даўамында сенаторлар исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, базарда тең шараятлар ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты. Буннан тысқары, жасырын экономика үлесин қысқартыў илажлары шеңберинде нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизиў зәрүрлиги жүзеге келип атырғаны атап өтилди.
Бүгинги күнде республикада жумыс алып бармай атырған жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жәми исбилерменлер қурамында есапқа алыныўы экономикалық ҳәм статистикалық көрсеткишлердиң надурыс қәлиплесиўине алып келмекте. Буннан тысқары, бул олар тәрепинен төленетуғын салықлар бойынша прогноз көрсеткишлерин белгилеў ҳәм түсимлерди тәмийинлеўде унамсыз тәсир етеди.
Бул нызам менен жеке тәртиптеги исбилерменлерди мәмлекетлик реестрден шығарыў тәртибин белгилеў экономикалық ҳәм статистикалық көрсеткишлердиң дурыс қәлиплесиўине алып келеди.
Сенаторлар нызам қаржы-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибин әпиўайыластырыўға хызмет ететуғыны ҳаққында пикир билдирди. Соның менен бирге, әмелдеги нызамшылыққа киргизилип атырған дүзетиўлер нәтийжесинде өндирис жоқары технологиялар тийкарында раўажланыўы ҳәм жайлаў хожалықларының финанслық жағдайы жақсыланыўына итибар қаратты.
Сенаторлар бул нызамды мақуллады.
Жалпы мәжилисте “Ҳуқықый эксперимент ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары жаңа тәртип-қағыйдаларды турмысқа енгизиўден алдын оларды шекленген ҳалда (белгили бир аймақта ямаса шахслар, шөлкемлер шеңберинде) ҳуқықый эксперимент (тәжирийбе-сынақ) тәризинде қолланыў әмелияты кеңейип бармақта.
Ҳуқықый эксперимент түсиниги, оны өткериў ҳәм нәтийжелерин рәсмийлестириў мәселелери “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында”ғы нызамда белгиленген, бирақ оны өткериў менен байланыслы социаллық-ҳуқықый қатнасықлар комплексли тәртипке салынбаған.
Бул нызам бир қатар ҳуқықый бослықларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған болып, онда ҳуқықый эксперименттиң мақсети, тийкарғы түсиниклер, принциплер, ўәкилликли уйымлар, ҳуқықый экспериментти өткериў шәртлери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ҳуқықый экспериментте қатнасыўы ҳәм басқа да мәселелер нәзерде тутылмақта.
Ҳуқықый эксперимент тек ғана Өзбекстан Республикасының нызамлары, Олий Мажлис палаталарының қарарлары, Президент пәрманлары ҳәм қарарлары және Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен өткерилетуғыны анық белгиленбекте.
Сенаторлар бул нызамның турмысқа енгизилиўи ҳуқықый экспериментти шөлкемлестириў ҳәм өткериў, эксперименталлық ҳуқықый нормаларды енгизиў бойынша бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын тәмийинлеў және жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда пуқаралардың турмысы ҳәм абаданлығын жақсылаўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сенаттың он екинши жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Бүгинги күнде дүньяда технологияның раўажланыўы менен ҳәр қыйлы электрон үскенелер, соның ишинде, портатив лазерли нур тарқатқышлар да кеңнен ен жаймақта. Бул қурылмалар арзан, жеңил жеткерилетуғын ҳәм көпшилик жағдайларда кеўил ашар ямаса билимлендириў мақсетлеринде қолланылады.
Бирақ олардан нызамсыз ямаса орынсыз пайдаланыў жәмийетлик қәўипсизликке үлкен қәўип салыўы мүмкин.
Атап айтқанда, самолётлардың ушыўы ямаса қоныўы ўақтында олардың экипажына лазер нурларын бағдарлаў қоныў ямаса ушыў процесинде экипаж дыққатын шалғытып, апатшылық қәўпин арттырады.
Буннан тысқары, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге жуўапкер болған ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерине лазер нурлары бағдарланыўы нәтийжесинде көздиң ўақтынша көрмей қалыўына, бул болса жүз бериўи мүмкин болған тәртипсизликлердиң алдын алыўда унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Көплеген шет еллерде лазер қурылмаларынан пайдаланыўды шеклеўши ҳәм қадағалаўшы нызамлар қабыл етилген.
Мәмлекетимизде де жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде усы түрдеги қурылмаларды қадағалаў, оларды лицензиялаў ҳәм нызамсыз пайдаланыў жағдайларын жазалаў бойынша илажлар қатарында бул нызам қабыл етилмекте.
Нызам менен әмелдеги нызамшылыққа мәҳәлле ҳуқық-қорғаў орынларының ҳәм таяныш пунктлериниң қурамын, оларда хызмет етиўши инспекторлардың ўәкилликлерин анықластырыўға, патруль-пост хызмети сап бөлимлериниң лаўазымлы шахслары тәрепинен дүзилген ҳәкимшилик протоколларды көрип шығыў ҳәм жаза илажын қолланыў ўәкиллигине ийе болған шахсларды анықлаўға, сондай-ақ, портатив лазерли нур тарқатқышлардың нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти белгилеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сенат ағзаларының пикиринше, нызамның қабыл етилиўи мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан соң “Төрешилик судларының жумысы және де жетилистирилиўи ҳәм бюджет интизамының күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў, суд ҳәкимиятының абырайын арттырыў ҳәм судлардың ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Төрешилик судлары келиспеўшиликлерди альтернатив шешиў механизми сыпатында пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда әҳмийетли орын ийелейди. Бирақ таллаўлар бул судлардың жумысында бир қатар системалы машқалалардың бар екенлигин көрсеткен.
Атап айтқанда, 2021-2023-жылларда айырым аймақларда Төрешилик судлары тәрепинен мәмлекетлик уйымлар қатнасқан ислер бойынша қабыл етилген 47 қарар ўәкилликли судтың орынлаў қағазы берилместен тиккелей орынланған. 2019-2023-жылларда болса Мәмлекетлик бюджеттен 222,2 миллиард сумды өндириў ҳаққында 870 нызамсыз қарар қабыл етилген.
Айырым төрешилик суды судьяларының тәжирийбесиниң жетерли емеслиги, судлардың жумысын шөлкемлестириўдеги талаплардың қайта көрип шығылмағанлығы, қадағалаў механизмлериниң жоқ екенлиги усы машқалаларға алып келип атырғанлығы атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта 287 Төрешилик суды ҳәм 1,5 мыңнан аслам Төрешилик судьялары жумыс алып бармақта, олардың көпшилиги ҳәр қыйлы тараўларда тийкарғы жумыс орнына ие болып, профессионал таярлық дәрежеси жоқары емес.
Бул нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Бюджет, Пуқаралық процессуал ҳәм Экономикалық процессуал кодекслерге, сондай-ақ, “Ҳәкимшилик судлары ҳаққында”ғы ҳәм “Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы нызамларға әҳмийетли өзгерислер киргизилмекте.
Соның ишинде, төрешилик судын шөлкемлестириў ҳәм судьялық ўазыйпасын атқарыў ушын қосымша талаплар белгиленбекте, төрешилик судьяларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыў тәртиби кеңейтилмекте, мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелер және мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар, сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен төрешилик келисимлерин дүзгенлик ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик қолланыў нәзерде тутылмақта.
Бюджет кодексине ғазнашылықта дизимнен өткерилмеген шәртнамалар тийкарында товарлар, жумыс ҳәм хызметлерди қабыл етип алған жағдай бюджет тәртибин бузыў сыпатында белгиленбекте.
Атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи Төрешилик судлары жумысының ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин арттырады, Мәмлекетлик бюджеттен нызамсыз қәрежетлердиң алдын алады, әдил қарарлар қабыл етиўге хызмет етеди ҳәм мәмлекет мәплериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлейди.
Додалаўдан соң сенаторлар нызамды мақуллады.
Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам қызғын додаланды.
Додалаў процесинде мәмлекетимизде социаллық қорғаў тараўында, әсиресе, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қосымша имканиятлар жаратыў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, соңғы ўақытлары майыплығы болған балаларға көрсетилип атырған социаллық хызметлердиң көлеми барған сайын кеңейип бармақта ҳәм халықтың социаллық жәрдемге мүтәж айырым категорияларының ҳуқықларының кепилликлери күшейтилмекте.
Бул нызам менен майыплығы болған балаларға көрсетилетуғын күндизги тәрбия хызметинен пайдаланатуғын ата-ана тәрепинен ҳәр бир перзент ушын төленетуғын 3 миллион сумға шекемги айлық төлемлер салық салынбайтуғын дәраматлар категориясына киргизилиўи белгиленбекте.
Буннан тысқары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында үш жастан он сегиз жасқа шекем майыплығы болған балалар ушын бундай хызметлерди көрсетиўши исбилерменлик субъектлери де 2030-жыл 1-январьға шекем барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етилиўи нәзерде тутылмақта, социаллық салық буған кирмейди.
Сондай-ақ, жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыўшы пуқаралар категориясы да кеңеймекте.
Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде қысым ҳәм зорлықтан жәбирленген, тийисли билим ҳәм көнликпелерге ийе болған ҳаял-қызларды жоллама бойынша мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа жайластырыў белгиленетуғынын айрықша атап өтти.
Додалаў процесинде бул нызам майыплығы болған шахслар ушын социаллық хызметлер көрсетиў көлеминиң кеңейиўине, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж айырым категорияларына қосымша қолайлықлар жаратылыўына және олардың жумысқа жайласыўға байланыслы ҳуқықларының кепиллениўине хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сенаторлар нызамды мақуллады.
Жалпы мәжилисте “Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.
Бүгинги күнде пүткил дүньяда халық ҳәм санаатта электр энергиясына болған талап барған сайын артып бармақта. Экспертлердиң пикиринше, Өзбекстанда экономикалық раўажланыў, халықтың саны ҳәм турмыс абаданлығының өсиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талап 2030-жылға келип 120-125 миллиард кВт/саатқа жетеди.
Мәмлекетимизде Президентимиздиң бар өндирис қуўатлықларын кеңейтиўге ҳәм жаңаларын шөлкемлестириў бойынша алып барып атырған жедел инвестициялық сиясаты, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар жылдан-жылға талап артып баратырған энергия ресурсларын исенимли дереклер менен тәмийинлеўди талап етпекте.
Атом энергетикасын раўажландырыў Өзбекстанның турақлы энергетика системасын жаратыў, санаатты раўажландырыў ҳәм регионаллық раўажланыў ушын әҳмийетли фактор болып есапланады. Үлкен ҳәм киши реактор блокларының үнлес жумысы тармақтың турақлылығын тәмийинлеп, қайта тикленетуғын дереклерди нәтийжели интеграциялаў имканиятын береди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-майдағы қарарына муўапық Энергетика министрлиги жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги қайта шөлкемлестирилип, кеңейтилген тийкарғы бағдарлар, ўазыйпа ҳәм функцияларға ийе болған ҳәм тиккелей Министрлер Кабинетиниң қурамына киргизилген Атом энергиясы агентлигиниң жумысы нәтийжели шөлкемлестирилди.
Бул нызам атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде нәтийжели ҳәм қәўипсиз пайдаланыў, мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин анықластырыў, тараўдағы ҳуқықый базаны халықаралық стандартларға муўапықластырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.
Нызамда атом энергиясы тараўындағы ўәкилликли уйым сыпатында Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергиясы агентлиги белгилеп қойылмақта. Мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги де беккемленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи атом энергетикасы тараўындағы мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге, мәмлекетимизде ядролық қәўипсизликти ҳәм радиациялық қорғаўды тәмийинлеўге және халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм мәмлекетимиздиң ядролық қәўипсизлик бойынша абырайын арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети