“The Japan News”: Өзбекстан Президентиниң сиясаты Орайлық Азияны және де турақлы, интеграцияласқан ҳәм перспективалы регионға айландырыўға қаратылған

5

Японияның абырайлы “The Japan News” газетасы “Өзбекстан кесилиспеде: Ташкент Орайлық Азияда жаңа дәўирди қалай қәлиплестирмекте ҳәм бул Япония ушын нени аңлатады?” атамасында мақала басып шығарды.

Басылым үлкемизди регионды бирлестирип атырған локомотив сыпатында сүўретлейди. Әсиресе, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары, шегара келисимлери, инфраструктура ҳәм саўда интеграциясы айрықша тилге алынған.

– Регион өз алдына мәмлекетлер жыйындысы емес, ал бирден-бир экономикалық ҳәм стратегиялық аймақ сыпатында көрилмекте. Орайлық Азия ишиндеги саўда көлеми 4,5 есеге артты, өз-ара инвестициялар еки есеге көбейди. Қоспа кәрханалар, шегаралас саўда зоналары ҳәм санаат жойбарлары (аўыл хожалығы, тоқымашылық, автомобиль қурылысы ҳәм басқалар) кеңеймекте. Жаңа темир жоллар, транспорт коридорлары, логистика ҳәм санлы инфраструктура жойбарлары әмелге асырылмақта, – делинеди мақалада.

Сондай-ақ, газета бетлеринде Япония Өзбекстанды тек ғана исенимли бирге ислесиўши емес, ал пүткил Орайлық Азияға кириў дәрўазасы сыпатында көрип атырғаны билдирилген.

– Өзбекстан ҳәм Япония қатнасықлары беккем. Регионның интеграцияланыўы Япония ушын инфраструктура, энергетика, санлы технологиялар ҳәм инвестиция тараўларында жаңа имканиятлар жаратпақта. Өзбекстан Президентиниң сиясаты Орайлық Азияны және де турақлы, интеграцияласқан ҳәм перспективалы регионға айландырыўға қаратылған, – деп жазады автор.

Мағлыўмат орнында: “The Japan News” күншығыс елиндеги ең абырайлы инглис тилиндеги басылымлардан бири есапланып, “Yomiuri Shimbun” медиа топарының қурамына киреди. Оның аудиториясы – дипломатлар, сиясатшылар, инвесторлар, академиялық топарлар. Басылым Японияның ишки ҳәм сыртқы сиясаты, экономика, халықаралық қатнасықлар және мәдений процесслер бойынша аналитикалық ҳәм исенимли материаллары менен ажыралып турады, сонлықтан ол халықаралық жәмийетшилик ушын әҳмийетли мәлимлеме дереги сыпатында тән алынады.

Ў.Алимов,

 ӨзА