Өзбекстан Республикасы Президенти Япония Ўәкиллер палатасының Спикери менен ушырасты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токио қаласына рәсмий сапары шеңберинде Япония Парламентиниң Ўәкиллер палатасының спикери Фукуширо Нукага менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклигин және де беккемлеў ҳәм көп қырлы, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.


Еки мәмлекет парламент делегациялары арасындағы өз-ара сапар етиў ҳәм ушырасыўлар жедел түс алғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Парламентлерде дослық топарлары жедел жумыс алып бармақта. Май айында Токиода гезектеги парламентлераралық форум табыслы өткерилди.
Парламентлердиң комитетлери, халық депутатлары жергиликли кеңеслери ҳәм Япония префектураларының ассамблеялары арасында бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.




ӨзА