Өзбекстан Президенти Японияға келди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-декабрь күни рәсмий сапар менен Токио қаласына келди.
“Ханеда” халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Япония ишки ислер ҳәм коммуникациялар министри Ёшимаса Хаяши ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Токио қаласына келген Президент Шавкат Мирзиёев Японияда мийнет етип атырған ҳәм билим алып атырған ўатанласларымыз бенен ушырасып, олар менен сәўбетлести.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, ўатанласларымыздың арзыў-нийетлери, мақсет ҳәм режелери ҳаққында ашық ҳәм қызғын пикирлесиў болып өтти.
Президентимиз ўатанласларымызға жумысы ҳәм оқыўында табыслар тилеп, олар күншығыс елинде арттырған билим ҳәм тәжирийбелер Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығына хызмет ететуғынына исеним билдирди.
Сапардың тийкарғы илажлары 19-20-декабрь күнлери болып өтеди. Өзбекстан Президенти Япония Императоры Нарухито, Бас министри Санаэ Такаичи ҳәм басқа да рәсмийлер, исбилермен топарлар ҳәм академиялық жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўлар өткереди.
Сондай-ақ, Өзбекстан жетекшиси “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының биринши саммитинде қатнасады.






ӨзА