«Келешекке қәдем»: банк қәнигелери ҳәм питкериўши студентлер ушырасыўы

23

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Келешекке қәдем» бағдарламасы шеңберинде питкериўши жасларды мийнет базарына таярлаў, олардың финанслық билимин арттырыў, исбилерменликке болған қызығыўшылығын күшейтиў ҳәм өзлериниң бизнес идеяларын әмелге асырыў бойынша әмелий билим ҳәм көнликпелер бериў мақсетинде семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Илажға «Өзмиллийбанк» АЖ Қарақалпақстан Республикасы басқармасының қәнигеси К.Шарипова, Бизнести раўажландырыў банкиниң ментор-тренери Н.Атамуратова, «Мойнақ тур» жәмийетиниң баслығы, исбилермен А.Бекжанова, сондай-ақ, институттың питкериўши курс студентлери қатнасты.

– Институтымызда питкериўши курс студентлериниң исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм турмысқа енгизиў мақсетинде «Келешекке қәдем» орайы жумыс алып бармақта. Усы орайға мүрәжат еткен студентлерге бизнес жойбарларын ислеп шығыў, жеңилликли кредитлер менен тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қойыў бағдарында жоқары нәтийжелерге ерисип атырмыз. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем орайымыз арқалы институтымыздың 64 питкериўши студентине өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын 1 миллиард 683 миллион сумлық кредит қаржылары ажыратылды, – дейди институт регистратор офисиниң менеджери, «Келешекке қәдем» орайының жуўапкери Нурсултан Таңбаев.

Семинар даўамында банк хызметкерлери тәрепинен жасларға жеңилликли кредитлер, жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў механизмлери, стартап жойбарларды қаржыландырыў имканиятлары ҳәм банк хызметлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, шығып сөйлеген исбилермен өз мийнет жолы даўамында топлаған тәжирийбелери, табысларға ерисиў жоллары, ушырасқан қыйыншылықлар ҳәм оларды жеңип өтиў бойынша әмелий мәсләҳәтлери менен ортақласты.

Илажда студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги