«Мәҳәлле бюджети» системасы исенимди ақлаўы керек

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Бүгинги күнде мәҳәлле уйымлары алдыңғыдай тек адамлар келип-кететуғын орын емес, ал, халықтың машқалалары менен мәнзилли ислейтуғын, өзара пикир алмасатуғын, адамлардың ҳәр қандай машқаласына шешим табатуғын мәнзилге айланбақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 26-декабрьдеги «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Беруний районындағы аўыл ҳәм мәҳәлле пуқаралар жыйынлары тәрепинен физикалық шахслардан алынатуғын мүлк салығы ҳәм жер салығынан 10 проценти мәҳәллениң есап бетине өткериў енгизилип, быйылғы жылдың январь-декабрь айлары даўамында жәми 3,2 миллиард сум қаржы аўыл ҳәм мәҳәллелер есап бетлеринде қәлиплестирилди.
Усы қаржылар есабынан 160 пуқараға 724 миллион сум материаллық жәрдем, 79 кем тәмийинленген шаңарақтың үйлерине 3 ҳәм 5 кВтлық жәми 860 миллион сумлық қуяш панельлери қурып берилди. 560 кем тәмийинленген шаңарақтың үйлеринде майда оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары ушын 180 миллион сум қаржы ажыратылды.
Ең әҳмийетлиси, ўатанласларымыздың жәмийетлик белсендилиги, өз мәҳәллеси, елимиздиң тәғдири ҳәм келешегине байланыслылық сезими артып бармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги