Сапалы билимлендириў ушын зәрүрли шараятлар жаратылмақта

5

Соңғы жылларда заман талабына жуўап беретуғын мектеплер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратларын қурыў әҳмийетли ўазыйпаға айланған.

Атап айтқанда, 2025-жыл даўамында Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы билимлендириў шөлкемлеринде барлық бағдарламалар шеңберинде 1 мектеп ҳәм 4 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурылған болса, соның есабынан қосымша жәми 536 оқыўшы орнынан артық қуўатлықлар жаңадан жаратылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Тек ғана усы жылы ажыратылып атырған бюджет қаржылары шеңберинде 2 мектеп ҳәм 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин реконструкциялаў есабынан қосымша 670 тен аслам орын жаратылыўына ерисилди ҳәм сол арқалы бундай мәселелер басқышпа-басқыш шешип барылмақта.

Буның ушын 35 миллиард 400 миллион сум қаржы ажыратылып, нәтийжеде 1 мың 200 ден аслам оқыўшы жаслар ҳәм балалар заманагөй шараятларға ийе болған билимлендириў шөлкемлериниң имаратларында тәлим-тәрбия алыўына ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги