Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалары

36

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы кейинги 8 жыл даўамында Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди таллады.

2017-2024-жыллар даўамында Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы товар айланысы 2,3 есеге артып, 166,2 млн. доллардан 388,6 млн. долларға жетти. Усы дәўирде экспорт көлеми 15,1 процентке өсип, 14,5 млн. доллардан 16,7 млн. долларға, импорт болса 2,5 есеге артып, 151,7 млн. доллардан 371,9 млн. долларға жетти.

Соңғы 8 жылда Өзбекстанның Японияға жыллық экспорт көлеми орташа шама менен 17 млн. долларды қураған.

2024-жылы Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы товар айланысы 2023-жылға салыстырғанда 64,1 процентке өсип, 236,8 миллион доллардан 388,6 миллион долларға жетти.

2024-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда төмендеги товар түрлери менен көрсетилди: экспорт, жәми – 16,7 млн. доллар, соның ишинде: химиялық өнимлер – 5,7 млн. доллар (34,1 процент), санаат товарлары – 2,0 млн. доллар (11,8 процент), азық-аўқат өнимлери – 0,5 млн. доллар (3,0 процент), сондай-ақ, хызметлер – 8,4 млн. доллар (50,4 процент).

Импорт, жәми – 371,9 млн. доллар, соның ишинде: машиналар ҳәм транспорт үскенелери – 337,1 млн. доллар (90,7 процент), санаат товарлары – 17,4 млн. доллар (4,7 процент), ҳәр қыйлы таяр өнимлер – 7,2 млн. доллар (1,9 процент), сондай-ақ, хызметлер – 4,4 млн. доллар (1,2 процент) ҳәм басқалар.

2025-жылдың 10 айыныӊ жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы товар айланысы 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 326,8 млн. долларды қурады.

Япония Өзбекстанда энергетика, химия санааты ҳәм суў тәмийнаты системаларын модернизациялаўға қаратылған инвестициялық жойбарларда белсене қатнаспақта. Өзбекстан аймағында «Mitsubishi», «Marubeni», «Itochu», «Sumitomo» ҳәм басқа да жетекши япон компанияларының қатнасыўында бир қатар жойбарлар әмелге асырылған.

2017-2024-жыллар даўамында Япониядан Өзбекстанға киргизилген тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң көлеми, соның ишинде JICA линиясы арқалы, 184 млн. АҚШ долларын қураған (2024-жылы – 19,6 млн. АҚШ доллари).

Бүгинги күнде Өзбекстанда Япония капиталының қатнасыўындағы 121 компания табыслы жумыс алып бармақта. Олардың 29 ы қоспа кәрханалар, 92 си болса 100 процент япон капиталына ийе кәрхана болып, экономиканың түрли тараўларында жойбарларды әмелге асырмақта.

Япония менен инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалы бағдарларына декарбонизация, санластырыў ҳәм кадрлар таярлаўды қамтып алған “жасыл” трансформация тараўындағы биргеликтеги жойбарлар киреди. Бул бағдарлар Өзбекстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлейтуғын тармақлар менен тығыз байланыслы.

Сондай-ақ, Япония Өзбекстанда инсан капиталын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша үлкен имканиятларға ийе болып, бул япон компанияларының тийкарғы бағдарлары ҳәм компетенцияларына сәйкес келеди және еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларынан бирине айланыўы мүмкин.

 

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы