Жас спортшылар ҳәм олардың тренерлери сыйлықланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында елимизде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнер, шет тиллерин үйрениўге бағдарлаў ҳәм жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратып берилмекте.
Әлбетте, өзлерине жаратылған бундай имканиятлардан республикамыздың барлық жаслары пайдаланып, соңғы жыллары билимлендириў, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларында бир қатар жетискенликлерге ерисип келмекте. Әсиресе, кейинги ўақытлары жас спортшыларымыздың мәмлекет чемпионаты, кубоги ҳәм халықаралық спорт жарысларында көрсетип киятырған нәтийжелери мақтаўға турарлық. Олардың қолға киргизген табыслары кең жәмийетшилигимизди қуўанышқа бөлеп, республика ҳәм район басшылары тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленбекте.
Усындай хошаметлеў илажы Шымбай районында өткерилип, онда спорт түрлери бойынша бокс бойынша 2025-жылы Президент олимпиадасы ҳәм жүзиў спорты бойынша жаслар арасында V Пара Азия ойынларында жеңимпаз болған спортшылар ҳәм оларды таярлаўда устазлық еткен тренерлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ш.Аминовлар қатнасып, жеңимпаз жасларымызды ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген үлкен жеңислери менен қутлықлап, алдағы жарысларда да жақсы нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Өткерилген илажда шымбайлы жас спортшылар ҳәм олардың тренерлерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.




– Усы жылы өткерилген Президент олимпиадасында бокс бойынша Гүлчеҳра Қолдасбаева ҳәм Гүлсимай Хожабаевалар гүмис ҳәм қола медальларын, Шахназа Ережепбаева болса, V Пара Азия ойынларында гүмис медальды қолға киргизип, халқымызды шексиз қуўанышқа бөлеген еди, – дейди Шымбай районы спорт мектебиниң директоры Байназар Избасаров. – Бүгинги хошаметлеў илажы жасларымызға айрықша күш-жигер бағышлап, оларды және де алға қарай умтылдырады. Сонлықтан келеси жылы да тренерлеримиз жаслар менен бирге ислесиўди даўам етип, быйыл қолға киргизилген нәтийжелерди буннан да жоқарылатыў ушын ҳәрекет ете береди деп халқымызды исендирип қаламан.
Хошаметлеў илажы районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы