2026-жылда физикалық тәреплердиӊ дәрамат салығы, юридикалық тәреплердиӊ мүлкине салынатуғын салық ставкасы қанша болады?

Сенаттыӊ жалпы мәжилисинде “Салық ҳәм бюджет сиясатының 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, келеси жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, әмелдеги нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми келисимлерине муўапықластырыў, Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи шеңберинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

2026-жылда салық сиясатында тийкарғы салық ставкалары қосымша қун салығы 12 процент, пайда салығының базалық ставкасы – 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы – 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкасы – 1,5 процент, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын жер салығы – 0,95 процент, социаллық салық – 12 процент (бюджет шөлкемлери – 25 процент), айланыстан алынатуғын салық – 4 процент муғдарында өзгериссиз қалады.
Салық кодексинде қосымша қун салығының үзликсиз шынжырын жаратыў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Бул нызам мебель қурылысы ҳәм зергерлик тараўларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, өнимлердиң экспортын кеңейтиў, халықтың дәраматларын арттырыў және турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге де қаратылған.
Нызам әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға имканият беретуғын салық миннетлемелерин орынлаў бойынша тийисли ҳуқықый қатнасықлар тәртипке салыныўы нәзерде тутылмақта.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте микрофирма ҳәм киши кәрханаларға салық есабатларын өз ўақтында усынбағаны ушын жәрийма муғдары азайтылып, ақырғы үш ай ишинде салық есабатларын өз ўақтында усынған салық төлеўшилерге кейинги есабатты 5 жумыс күнине шекем кешиктирген жағдайда ҳәкимшилик жәрийма қолланылмайтуғыны белгиленбекте.
Буннан тысқары, бир календарь айда бир неше салық түри бойынша есабатлар өз ўақтында усынылмаған жағдайда, барлық есабатлар ушын тек ғана бир жәрийма қолланыў механизми енгизилмекте.
Сенат ағзалары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде экономиканың түрли тараў ҳәм тармақлары, соның ишинде, аўыл хожалығы, тоқымашылық, жергиликли санаат, азық-аўқат, медиа ҳәм байланыс сыяқлы тараўларға бир қатар салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилип атырғанын атап өтти.
Нызам халық депутатлары жергиликли кеңеслерине аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ушын белгиленген ставкаға салыстырғанда 0,5 тен 1,2 ге шекемги азайтыўшы ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди және лазерли тегислениўи керек болған суўғарылатуғын жерлер лазерли тегисленбеген жағдайда, усы жерлер ушын пайдаланылатуғын суў көлеми бойынша салық ставкаларына салыстырғанда 1,2 ге шекемги арттырыўшы коэффициентти қолланыў ўәкиллигин бермекте.
Сенаторлар мақуллаған нызам исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, тең ҳәм әдил бәсеки орталығын тәмийинлеў, ҳәкимшилик жәриймалар жүгин жеңиллетиў және жасырын экономиканың үлесин қысқартыўға қаратылған.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА