Японияға сапар Өзбекстанға не береди

125

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға әмелге асырып атырған рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў жолындағы тарийхый қәдем болып есапланады. Сапар бағдарламасының көлеми ҳәм мазмуны Ташкент ҳәм Токио арасындағы қатнасықлар тек ғана еки тәреплеме емес, ал регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе екенинен дерек береди. Әсиресе, Токио қаласында Япония Императоры Нарухито ҳәм Бас министр Санаэ Такаичи менен өткерилетуғын сөйлесиўлер, жетекши университетлер ҳәм ири компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар Өзбекстанның күншығыс мәмлекети менен стратегиялық байланысларды беккемлеўге болған исенимли умтылысын билдиреди.

Ҳәзирги күнде Япония Өзбекстанның ең исенимли экономикалық ҳәм технологиялық шериклеринен бири болып есапланады. Кейинги бес жыл ишинде өз-ара товар алмасыў 2,3 есеге артып, 450 миллион доллардан асламды қурағаны, инвестициялар көлеми болса 4,5 миллиард доллардан артқаны экономикалық байланыслардың жоқары динамикасын көрсетеди. Мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған япон компаниялары энергетика, химия санааты ҳәм транспорт тараўларын модернизациялаўда белсене қатнаспақта. Атап айтқанда, JICA агентлигиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған “Тўрақорған” ҳәм “Наўайы” ЫЭС сыяқлы ири жойбарлар мәмлекетимиздиң энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўде шешиўши роль атқармақта.

Бул сапар етиўдиң ең тийкарғы бағдарларынан бири – “жасыл” экономика тараўындағы бирге ислесиў болып табылады. Япония климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар бойынша дүньяда жетекши орынлардан бирин ийелейди. Өзбекстанның 2030-жылға шекем қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин кескин арттырыў бағдарындағы режелеринде япон “ноу-хау”лары үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, “жасыл” водород ислеп шығарыў, қуяш ҳәм самал станцияларын қурыў, сондай-ақ, санаат кәрханаларында карбонат ангидрид шығындыларын азайтыў бойынша биргеликтеги жойбарлар додалаў орайында болады. Бул тек ғана экономикалық нәтийжелиликти арттырып қоймастан, ал Аралбойы регионындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға да хызмет етеди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасы мәмлекет басшыларының биринши саммитинде қатнасыўы болса регионаллық өз-ара байланыслылықты беккемлеўдиң жаңа драйвери болады. Саммит шеңберинде турақлы раўажланыў ҳәм “жасыл” интеграция мәселелери айрықша көрип шығылады. Илаж жуўмағында қабыл етилиўи күтилип атырған Токио декларациясы тек ғана экономикалық ҳәм экологиялық емес, ал инсан ресурсларын раўажландырыў бойынша да узақ мүддетли стратегияны белгилеп береди.

Соны айрықша атап өтиў керек, бул сапар етиў Өзбекстан ушын тек ғана дипломатиялық байланыс емес, ал экономиканы “шийки зат” басқышынан “жоқары технологиялық” басқышқа өткериў ушын технологиялық ҳәм финанслық секириў имканиятын береди. Жоқары технологиялар трансфери, санластырыў ҳәм жасалма интеллект шешимлерин мәмлекетлик басқарыўға енгизиў, сондай-ақ, транспорт-логистика системасын модернизациялаў сапардың ең әҳмийетли әмелий нәтийжелери болыўы күтилмекте. Соның менен бирге, инсан капиталын раўажландырыў, яғный өзбекстанлы студентлер ҳәм қәнигелер ушын Японияның абырайлы жоқары оқыў орынларында билимлендириў грантларын көбейтиў мәселеси де күн тәртибинен әҳмийетли орын алған.

Бүгинги күнде Өзбекстан япон инвесторлары ушын Орайлық Азияның ең тартымлы ҳәм қәўипсиз дәрўазасына айланбақта. Мәмлекетимизде жаратылған қолайлы инвестициялық орталық, салық жеңилликлери ҳәм “Жаңа Өзбекстан” раўажланыў стратегиясы япон бизнеси ушын мисли көрилмеген имканиятларды усынады. Мәмлекетимиз басшысының сапары шеңберинде өткерилетуғын бизнес-форумлар ҳәм ушырасыўлар япон исбилерменлерин Өзбекстанның жоқары қосымша қунға ийе санаат тармақларына исенимли кирип барыўы ушын әҳмийетли сигнал болып есапланады.

Японияның инновациялық потенциалы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың баслы мақсети – инсан капиталын арттырыў ҳәм келешек әўлад ушын абадан турмыс жаратыў идеясы менен толық үнлес болып есапланады. Бул ретки жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер еки халық арасындағы дәстүрий дослықты жаңа әмелий мазмун менен байытып, регионда турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди.

ӨзА