Ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленбекте

17

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы ҳәм районларда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

Шоманай районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминде де Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте жумыссыз ҳаял-қызлардың  бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Мийнет ярмаркасында райондағы 12 кәрхана ҳәм шөлкем 27 бос (вакант) жумыс орынлары менен қатнасты.

Ярмарка даўамында улыўма 12 пуқара қатнасқан болса, 7 ҳаял-қыз турақлы жумысқа орналастырылды.

Буннан тысқары, 5 пуқараға мийнет нызамшылығына байланыслы ҳәм vacancy.argos.uz сайтында жәрияланған бос жумыс орынлары ушын өткерилетуғын таңлаўлар бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги