Орайлық Азия – Корея: өз-ара исеним ҳәм әмелий бирге ислесиў және де беккемленди

56

Ташкент қаласында өткерилген Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының “Инсан қәдири, социаллық әдиллик ҳәм қоршаған орталықты қорғаў жолында бирге ислесиў” темасындағы үшинши мәжилиси жуўмақланды.

Жүзден аслам парламент басшылары ҳәм ағзалары, жергиликли кеңеслердиң депутатлары, дипломатиялық корпус ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасқан мәжилис шеңберинде “Миллий мийрас” атамасындағы халық әмелий көркем өнери көргизбеси және республикалық миллий-мәдений орайлардың көркем өнер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде экономикалық бирге ислесиў, санлы трансформация ҳәм санаатты раўажландырыў, сондай-ақ, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық басламаларды әмелге асырыўда парламентлердиң орны мәселелери додаланды. Парламентлердиң аналитикалық орайлары ҳәм илимий топарларының ўәкиллериниң парламент жумысын илимий-аналитикалық жақтан тәмийинлеў мәселелерине бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Мәжилис шеңберинде Сенат Баслығы, Нызамшылық палатасы Спикериниң парламент басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлары өткерилди.

Жалпы мәжилисте парламентлераралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын қамтып алған Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери баслықларының үшинши мәжилисиниң биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.

Атап айтқанда, санлы технологияларды раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў, социаллық қорғаў, гендер теңлик ҳәм инсан ҳуқықларын алға қойыў, билимлендириў, илим, мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўларында бирге ислесиўди жеделлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери У Вон Шик Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнаманың ратификацияланыўын тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя сыпатында баҳалады.

Өзбекстанның жасалма интеллект тараўында регионда жетекши орын ийелеп атырғаны айрықша атап өтилди. Мәмлекетте 5 миллион қәнигени жасалма интеллект тараўында таярлаўға қаратылған кең көлемли бағдарламаның әмелге асырылып атырғаны атап өтилип, бул Өзбекстанның стратегиялық көзқарасларын сәўлелендириўи ҳәм Орайлық Азияда заманагөй технологияларға турақлы талапты қәлиплестирип атырғанына итибар қаратылды.

Додалаў даўамында бирге ислесиўди және де тереңлестириў, регионда турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў мәселелери әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Делегациялар Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына барды ҳәм оның жумысы менен жақыннан танысты.

Бул мәжилис өз-ара исеним ҳәм әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўдиң нәтийжели майданына айланғаны қатнасыўшылар тәрепинен атап өтилди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАныӊ хабаршысы