Аймақларда социаллық хызметлер қамтылыўын кеӊейтиў ҳәм балаларды қорғаў мәселелери көрип шығылды

23

Президент Шавкат Мирзиёев социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, аймақларда комплексли социаллық ҳәм реабилитация хызметлерин кеңейтиў және балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаўға қаратылған усыныслар менен танысты.

Кәмбағал ҳәм кәмбағаллыққа түсиў қәўпи астында болған шаңарақларды анықлаў, оларға көрсетилетуғын социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди бирден-бир система тийкарында халықтың реал талапларынан келип шыққан ҳалда шөлкемлестириў бағдарындағы жумыслар көрип шығылды.

Өткен дәўирде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри шеңберинде 1,8 миллион шаңарақтың социаллық жағдайы баҳаланып, 739 мың шаңарақ, соның ишинде, кәмбағал ҳәм кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақлар реестрге киргизилди. Оларға напақа ҳәм материаллық жәрдемлер тайынланды.

Енди бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириў мақсетинде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри және Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында Социаллық реестр жүргизиледи ҳәм онда шаңарақлар социаллық-экономикалық жағдайынан келип шығып айрықша категорияларға – мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақлар, кәмбағал шаңарақлар және кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақларға ажыратылады, ҳәр бир категорияға сәйкес жәрдем ҳәм хызметлер көрсетиледи.

Социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары халықтың дәрамат дәрежеси ҳәм бәнтлик имканиятларынан келип шыққан ҳалда дифференциалласқан қатнас тийкарында әмелге асырылады.

Атап айтқанда, айырым категориядағы имканияты шекленген шаңарақлар ушын бәнтлик талап етпеген ҳалда социаллық жәрдемлер бериў системасы жолға қойылады, “мәҳәлле жетилиги”не мийнет етиў имканияты шекленген ҳәм аўыр турмыслық жағдайдағы шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиў ҳуқықы бериледи.

Сондай-ақ, реестрге киргизилген шаңарақлардың дәраматын арттырыў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, турақ жай ҳәм басқа да бағдарларда социаллық хызметлер көрсетиў, мийнетке жарамлы ағзаларды бәнтликке тартыў ҳәм исбилерменликке бағдарлаў илажлары көриледи.

Аймақларда мүтәж халыққа комплексли социаллық ҳәм реабилитация хызметлерин көрсетиўди кеңейтиў мақсетинде аймақлық социаллық хызметлер орайларының жумысын жолға қойыў усыныс етилди. 2026-2027-жылларда 20 усындай орайларды шөлкемлестириў режелестирилген. Орайларда қараў, күтиў, абилитация, реабилитация ҳәм билимлендириўге байланыслы комплексли хызметлер көрсетиледи.

Орайлар арқалы майыплығы болған шахслар, басқалардың күтимине мүтәж пуқаралар ҳәм жалғыз шахсларды қамтып алыў, күндизги хызметлер есабынан оларды социаллық мәкемелерге турақлы жайластырыўды қысқартыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, хызметлерден пайдаланыў процесслерин санластырыў, электрон жолламаларды енгизиў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң мониторингин тәмийинлеў белгиленген.

Президентимизге 2026-2030-жылларда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша ислеп шығылған стратегия ҳаққында мәлимлеме берилди.

Стратегия балалар ушын зорлықсыз орталық жаратыў, зорлық қәўпи астындағы балаларды ерте анықлаў ҳәм жәбирлениўши ямаса гүўа болған балаларға комплексли хызметлер көрсетиўди тийкарғы мақсет етип алған.

Бул ҳүжжет шеңберинде балаларға қарата зорлық жағдайларының алдын алыў, қәўип астындағы балалар менен ерте басқышта ислесиў, балалар ҳәм олардың шаңарақларына социаллық, психологиялық, билимлендириў ҳәм ҳуқықый хызметлерди усыныў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленген.

Стратегияда балалар менен ислесиўде социаллық қатнасқа тийкарланған киши көлемли, ашық форматтағы орайлардың жумысын жолға қойыў, ҳәр бир бала бойынша индивидуаллық жумыс режелерин қәлиплестириў және баланың билим алыўы ҳәм жәмийетке интеграцияласыўына қаратылған илажлар нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, балалардың ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде процессуаллық ҳәрекетлерде балалардың мәплерин кепиллеў, балалар менен ислейтуғын қәнигелерди арнаўлы таярлықтан өткериў ҳәм балаларға байланыслы жумысларда уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў ўазыйпалары белгиленген.

Стратегия шеңберинде социаллық қәўипли балаларды билимлендириў менен қамтып алыў имканиятларын кеңейтиў, альтернатив жайластырыў механизмлерин раўажландырыў, кәсипке бағдарлаў ҳәм балаларды жәмийетке бейимлестириўге қаратылған илажлар нәзерде тутылған.

Шаңарақлар менен ислесиў бағдарында болса балаға қарата зорлық қәўпин азайтыў, ата-аналарды қоллап-қуўатлаў, психологиялық ҳәм социаллық хызметлерди шөлкемлестириў бойынша айрықша ўазыйпалар белгиленген.

Соның менен бирге, балаларды социаллық қорғаў тараўындағы мағлыўматларды бирден-бир электрон платформа тийкарында жүргизиў, балаларға қарата зорлық жағдайлары бойынша бирден-бир есап ҳәм мониторинг системасын енгизиў стратегияның әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиленген.

Президентимиз бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда социаллық қорғаў ҳәм балаларды қорғаў тараўларында системалы қатнас жасаўды тәмийинлеў, нәзерде тутылған илажлардың орынланыўын турақлы қадағалаўда тутыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА