Бир мәртелик пластикалық өнимлер машқаласы шеклениўи мүмкин

50

Бүгинги күнде қоршаған орталықты қорғаў, инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўши факторларды азайтыўға айрықша итибар қаратыў әҳмийетли мәселеге айланбақта. 

Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде усы мақсетлерге қаратылған нызам жойбары қызғын додаланды. Соның ишинде, экологиялық таза аймақлардың статусын белгилеў, пластикалық өнимлердиң айланысын тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары экологиялық системаларды, тәбийғый объектлерди сақлаў, қәстерлеп сақлаў ҳәм қорғаўды күшейтиў, тәбийғый объект ҳәм комплекслердиң деградациясының алдын алыўға қаратылған.

Нызам жойбарында таза аймақ режими әмел ететуғын аймақларда экологиялық системалардың турақлылығының бузылыўына ҳәм тәбийғый ландшафтлардың көринисиниң өзгериўине алып келетуғын жумысларды әмелге асырыўды қадаған етиў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, тәбийғый органикалық полимер өнимлерден тысқары бир мәртелик пластикалық өнимлердиң айланыста болыўын шеклеў белгиленбекте. Буннан тысқары, полиэтилен полимер плёнкалы пакетлердиң қоршаған орталыққа тәсирин азайтыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.

Нызам жойбары елимизде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў және инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўши факторларды азайтыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.

ӨзА