Мәўсимге таярлық жағдайы жәмийетшилик итибарында

50

Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы баслығының тийисли буйрығына тийкарланып, республика бойлап социаллық тараў объектлериниң гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жағдайы бойынша белгиленген тәртипте жәмийетлик қадағалаў шеңберинде мониторинг илажлары әмелге асырылмақта.

Бул мониторинг даўамында билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да социаллық әҳмийетке ийе мәкемелерде бар шараятлар, әсиресе, мәўсимде халық ҳәм хызметкерлер ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған илажлардың орынланыўы үйренилмекте. Бул илажлардың тийкарғы мақсети – анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў, белгиленген норма ҳәм талаплардың толық орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Атап айтқанда, Нөкис инновациялық технологиялар институты ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтларында үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениўлер даўамында оқыў бөлмелериндеги температура, ысытыў системаларының ислеў дәрежеси, қазанханалардың техникалық жағдайы ҳәм олардың сапасы, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери имаратларының басқа да әҳмийетли тәреплери ҳәр тәреплеме көзден өткерилди.

Мониторинг процесинде жуўапкер шахсларға гүзги-қысқы мәўсимге таярлықты және де күшейтиў, бар кемшиликлерди сапластырыў және санитариялық-гигиеналық ҳәм техника қәўипсизлиги талапларына қатаң әмел етиў бойынша тийисли түсиниклер ҳәм усыныслар берилди. Бундай жәмийетлик қадағалаў илажлары келешекте де даўам еттирилиўи режелестирилген болып, ол социаллық тараў объектлеринде халықтың мәплерин қорғаў, оларға қолайлы ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги