Конституциялық ҳуқықларды қорғаў бойынша жаңа механизмлер енгизиледи

8

Президент Шавкат Мирзиёев пуқара ҳәм исбилерменлердиң конституциялық ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жетилистириў, Конституциялық судлардың жумысын санластырыў мәселелерине байланыслы презентация менен танысты.

Усы жылы өзиниң 30 жыллығын белгилеп атырған Конституциялық суд жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар илажлар орынланды. Соның ишинде, 2021-жылы Конституциялық суд ҳаққындағы нызам жаңа редакцияда қабыл етилип, нәтийжели конституциялық қадағалаў системасы жолға қойылды.

Соның менен бирге, Конституциялық суд өз ўәкилликлерин толық әмелге асырыўын тәмийинлеў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып, бул бағдардағы реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў талап етилмекте.

Презентацияда бул бағдардағы усыныслар көрип шығылды.

Соның ишинде, Конституциялық суд тәрепинен ҳәр жылы мәмлекетте конституциялық нызамлылықты беккемлеў бойынша усыныс етилетуғын усынысларды әмелге асырыўдың нәтийжелилиги арттырылады.

Онда Конституциялық суд тәрепинен пуқара ҳәм исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў тәртип-қағыйдалары оптималластырылады, өзи боларлыққа таслап қойыў сапластырылады.

Сондай-ақ, “конституциялық шағым” институтының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мүрәжат етиўшилердиң суд қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде суд жумысында қолланылған нызам Конституцияға муўапық емес деп табылған жағдайда тийисли суд ҳүжжетин қайта көрип шығыў тәртибин енгизиў усыныс етилди.

Презентацияда Конституциялық суд жумысын санластырыў арқалы халыққа қолайлық жаратыў мәселелери де додаланды.

Атап айтқанда, Конституциялық суд мәжилислеринде аралықтан онлайн тәризде қатнасыў, суд мәжилислерин интернет арқалы трансляциялап барыў, министрликлер ҳәм уйымлар арасында электрон мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў режелестирилген.

Конституциялық судтың халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, сырт еллердиң конституциялық судлары менен бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Судтың Азия конституциялық судлары ассоциациясына басшылығы шеңберинде елимизде ҳәм сырт елде бир қатар халықаралық илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Әдил судлаўды тәмийинлеўге байланыслы басқа да мәселелер, атап айтқанда, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларды халық ҳәм исбилерменлерге және де жақынластырыў көрип шығылды. Соның ишинде, бул судларға мүрәжат етиўде экстерриториал судлаўға тийислиликти автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы шешиў басламасы алға қойылды.

Президентимиз усынысларды қоллап-қуўатлап, оларды сапалы ҳәм системалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

                                                                                                                                         ӨзА