Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Японияда болады

45

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң мирәт етиўине бола 18-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Токио қаласында Япония Императоры Нарухито, Бас министр Санаэ Такаичи, Парламент басшылары, ҳүкимет ағзалары, сиясий партиялардың ўәкиллери ҳәм жетекши университетлердиң ректорлары менен ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер өткериў режелестирилген.

Күн тәртибинен Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин және де кеңейтиў ҳәм раўажландырыў мәселелери орын алған.

Исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Японияның ири компаниялары ҳәм финанс институтларының басшыларының қатнасыўында ушырасыўлар ҳәм илажлар өткерилиўи режелестирилген. Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм инвестициялық жойбарларды алға қойыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланады. Еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламы қабыл етилиўи күтилмекте.

Өзбекстан Президенти, сондай-ақ, “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасы мәмлекет басшыларының биринши саммитинде қатнасады. Илаж шеңберинде “жасыл” экономика ҳәм турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық шерикликти беккемлеў және инсан ресурсларын раўажландырыў сыяқлы тийкарғы тараўларда бирге ислесиў перспективалары додаланады.

Саммит жуўмақлары бойынша Токио декларациясын қабыл етиў режелестирилген.

ӨзА