МОБ: 4 мыңға шамалас мүрәжатлар унамлы шешилди

14

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мүрәжатлар менен ислесиў секторы тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын унамлы шешиўге айрықша итибар қаратылып, усы жылдың өткен дәўиринде көрип шығылған 8 мың 386 мүрәжаттың 3 мың 800 и унамлы шешилген.

Мәселен, пуқара Н.Г. бурынғы өмирлик жолдасы дерлик 30 миллион сум алимент пулларын төлемей киятырғанлығын билдирип, Өзбекстан Республикасы Президентине Исеним телефоны арқалы 2025-жылы 9-сентябрьде мүрәжат қалдырған.

Мүрәжатты үйрениў дәўиринде, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, мүрәжат етиўши Н.Г.ның пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын оның бурынғы өмирлик жолдасы М.Р.дан алимент өндириў белгиленгенлиги, жуўапкер алимент пулларын өз ўақтында төлемегенлиги ақыбетинде оның қарызы дерлик 30 миллион сумды қураўы анықланған.

Сол себепли, бул мүрәжат айрықша қадағалаўға алынып, жүзеге келген қарыздарлықты өндириўдиң барлық нызамлы илажларын көриў керек екенлиги ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоңырат районлық бөлимине көрсетпе берилген.

Соның нәтийжесинде 30 миллион сум алимент пуллары усы жылдың 11-декабрь күни өндирилип, пуллар мүрәжат етиўшиниң банк пластик картасына өткерип берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги