Ташкент жоқары технологиялар ҳәм жасалма интеллект орайына айланады

5

Президент Шавкат Мирзиёев 16-декабрь күни социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белсендилердиң қатнасыўында белгилеп алыў ушын Юнусабад районына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент қаласы Юнусабад районында қурылған ири қуўатлылықтағы когенерация станциясының жумысы менен танысты.

Пайтахтта халық ҳәм экономика объектлерин қыс мәўсиминде ыссылық энергиясы менен турақлы ҳәм үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде бир ўақыттың өзинде электр ҳәм ыссылық ислеп шығаратуғын бир қатар заманагөй когенерация қурылмалары иске қосылмақта.

Юнусабад районындағы 4-жыллылық орайы аймағында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурылған, қуўатлылығы 100 МВт болған бул жойбар мине усындай әҳмийетли басламалардан бири болып есапланады.

Қытайдың “CNTIC” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылған жойбар 3,5 гектар майданда жайласты. Оны қаржыландырыў ушын 65 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы орайдың жумыс процеси менен танысты.

Когенерация объектине Уллы Британияның “Rolls-Royce” компаниясының 70 дана газ-поршень үскенелери орнатылды.

Қазанханалардан тутыныўшыларға шекемги болған ыссылық тәмийнаты инфраструктурасы реконструкцияланды. Ыссылық магистраллары жаңаланды. Тармақлар изоляциялы қубырлар менен алмастырылды. Бул болса ҳәр қыйлы дәрежедеги энергия шығынларының алдын алыў имканиятын береди.

Орайдың иске қосылыўы нәтийжесинде жылына 876 миллион киловатт-саат электр энергиясы ҳәм 858 мың гигакалория ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Соның менен бирге, жылына 35 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Енди пайтахтымыздың Юнусабад, Алмазар, Шайхонтоҳур, Мырза Улығбек ҳәм Яккасарай районларында жайласқан жәми 1 мың 846 объект турақлы ыссылық энергиясы менен тәмийинленеди. Олардың 1 мың 400 и халық шаңарағы, қалған бөлеги болса социаллық тараў объектлери болып есапланады. Сондай-ақ, 292 мың шаңараққа электр энергиясы турақлы жеткерип бериледи.

Жойбар иске түсиўи менен ыссылық энергиясын ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын қәрежетлер 40-45 процентке азаяды. Атмосфераға шығатуғын патасландырыўшы затлар муғдары сезилерли дәрежеде қысқарып, ақаба суў тасландылары жүзеге келмейди.

Усы жердиң өзинде Президентимиз гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм ыссылық орайларын раўажландырыў, Ташкент ыссылық электр станциясын модернизациялаў, пайтахтта абаданластырыў жумысларын жетилистириў бойынша усыныслар, сондай-ақ, аномал суўық шараятында хызметке тартылатуғын күш ҳәм қуралларды бөлистириў бойынша презентациялар менен танысты.

Пайтахтта 11 мың 630 көп қабатлы турақ жай бар. Оларға 358 басқарыў сервис компаниясы хызмет көрсетпекте. Мәмлекетимиз басшысы олардың мәўсимге қай дәрежеде таяр екени менен қызықты.

– Қала шараятында басқарыў сервис компанияларының жумысы халықтың турмысы менен тығыз байланыслы. Сол себепли олар саат механизминдей анық, үзликсиз ислеўи керек. Буның ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Енди тараў хызметкерлериниң дүньяға көзқарасы ҳәм қатнасы да өзгериўи керек. Халықтың ҳалынан хабар алыў, көп қабатлы турақ жайлардың жер төлеси ҳәм төбесин, жоллар менен ойын майданшаларын тәртипли сақлаў зәрүр, – деди Президент.

Сондай-ақ, энергетика, абаданластырыў, қурылыс ҳәм сервис тармақларының жуўапкерлерине мәўсим даўамында системалы ҳәм муўапықластырылған ҳалда ислеў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Юнусабад районында жайласқан “Юнусабад галереясы” саўда, хызмет көрсетиў ҳәм бизнес орайына барды.

Еки ярым гектар майданды ийелеген бул ири комплексте 53 мың квадрат метрден аслам саўда ҳәм коммерциялық майданлар шөлкемлестирилген. 14 миллион долларлық сырт ел инвестициясы есабынан бир қатар сырт ел брендлери өз жумысын жолға қойған.

Улыўма етип айтқанда, комплексте 100 ден аслам саўда орынлары ашылып, 500 ге шамалас жумыс орынлары жаратылған. Орайға жылына 2,5 миллионға шекем мийман келиўи күтилмекте.

Жойбар баҳасы 43 миллион доллар болған бул комплекстиң архитектуралық-дизайн шешими усы жылы ҒМДА мәмлекетлери арасында өткерилген халықаралық архитектуралық таңлаўда биринши орынды ийелеген.

Президент бул жерде ашылған китап дүканында баспалардың ўәкиллери ҳәм китапқумар жаслар менен сәўбетлести.

Китап саўдасын раўажландырыў, улыўма алғанда китапқумарлық мәдениятын балалықтан баслап кеңнен ғалаба ен жайдырыўдың әҳмийетли екенлиги, сондай-ақ, илимий ҳәм көркем әдебиятларды басып шығарыўды кеңейтиў, бул бағдарда баспаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Пайтахт белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын сәўбет болып өтти.

– Барлық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер, бәринен бурын, елимиздеги тынышлық ҳәм халқымыздың аўызбиршилигиниң нәтийжеси болып есапланады. Пайтахтымыз күн сайын абат ҳәм көркем көриниске ийе болмақта. Буны сырт елден киятырған мийманлар да айрықша атап өтпекте. Бирликте гәп көп. Оның тамыры, бәринен бурын, мәҳәллелеримизде. Әдил баҳаны да халықтың өзи, усы мәҳәлле береди. Соның ушын адамларды разы етиўге қаратылған жумысларымызды ең төменги буўыннан басладық, – деди Президент.

Орайға сапар шеңберинде мәмлекетимиз басшысына бул жерде жумыс алып барып атырған “Unicon-Soft” IT компаниясының жумысы таныстырылды.

Мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўында жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыўды санластырыў, байланыс инфраструктурасын жақсылаў, IT билимлендириўин раўажландырыў сыяқлы көплеген бағдарларда миллий программалық өним ислеп шығарыўшылардың қатнасыўы избе-из кеңейип бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде санлы технологиялар тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына муўапық тараў, тармақ ҳәм аймақларды санлы трансформациялаўдың тийкарғы бағдарлары белгиленген.

Бул процесске Юнусабад районында жумыс алып барып атырған “Unicon-Soft” компаниясы да мүнәсип үлес қосып келмекте. 2017-жылы шөлкемлестирилген кәрхана усы күнге шекем республика бойлап 70 тен аслам программалық система ислеп шыққан ҳәм енгизген.

Компанияның барлық аймақлар ҳәм 208 район (қала) ларда мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў бойынша филиаллары бар. Оларда 1,5 мыңнан аслам хызметкер жумыс алып бармақта, соннан 80 процентин жаслар қурайды.

Ҳәзирги ўақытта “Unicon-Soft” тәрепинен санластырыў бағдарында программалық ҳәм техникалық қураллар ислеп шығарыўды жолға қойыў, бажыхана жумысын санластырыў, сондай-ақ, “Санлы мәҳәлле” платформасын енгизиў режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы компанияның бул бағдардағы жойбарларының презентациясы менен танысты.

Миллий IT өнимлер ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў, жаслардың жасалма интеллект технологиялары тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, мәмлекетлик уйымларда санластырыў процесслерин жеделлестириў бойынша тийисли усыныслар берилди.

Сондай-ақ, Президентимиз Рихсилий көшесинде әмелге асырылған абаданластырыў жумыслары ҳәм заманагөй инфраструктураны көзден өткерди.

Көшениң еки километрлик бөлегинде инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасы түп-тийкарынан жаңаланды. Сондай-ақ, 24 саат ислейтуғын саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм кеўилашар объектлер шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 650 жаңа жумыс орны жаратылды.

Аймақта күнине орташа 35 мыңға шамалас автотранспорт қуралы ҳәрекетленеди. Соны есапқа алған ҳалда, халықтың қәўипсизлиги ҳәм ҳәрекетлениў қолайлығын тәмийинлеў илажлары көрилди. Соның ишинде, 39 мың квадрат метр пиядалар жоллары қурылды. Жүзге шамалас видеобақлаў камералары ҳәм онға шамалас қыстаўлы шақырыў түймелери орнатылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы Ҳуқықты қорғаў академиясының жаңа имараты ҳәм оқыў-илимий жумысы менен танысты.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жыл 28-ноябрьдеги “Жынаятларды тергеў тараўында маман кадрларды таярлаўдың сапа жағынан жаңа системасын енгизиў ҳаққында”ғы пәрманы шеңберинде Бас прокуратура Академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясы шөлкемлестирилген еди.

Академия қысқа ўақыт ишинде қәнигелескен билимлендириў мәкемесинен прокуратура ҳәм тергеў-сорастырыў уйымлары ушын кадрларды бирден-бир қатнас тийкарында таярлайтуғын, билимлендириўдиң үзликсиз системасына ийе болған, толық қәнигелескен жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемесине айланды.

Академияның профессор-оқытыўшылары ҳәм басқарыў хызметкерлериниң қурамы прокуратура, ҳуқық қорғаў уйымлары, илимий ҳәм экспертлик мәкемелеринде әмелий тәжирийбеге ийе маман кадрлар менен толықтырылды.

Өткен дәўирде Академияға бириктирилген аймақтағы инфраструктура избе-из кеңейтилип, бес қабатлы ҳәкимшилик имарат, заманагөй асхана, мийманхана ҳәм студентлер ушын коворкинг майданы қайтадан қурылды және конференция залы, китапхана түп-тийкарынан реконструкцияланды.

Буннан тысқары, 2 оқыў корпусы ҳәм 2 жатақхана имаратлары қайта оңланып, билим алыўшыларды қамтып алыў имканияты еки есеге арттырылды. Ҳәзирги ўақытта болса ашық ҳәм жабық спорт комплекслериниң қурылысы даўам етпекте.

Теория ҳәм әмелияттың үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде криминалистика полигонлары, суд процесин симуляциялаў ушын арнаўлы заллар, Гезелл айнасы менен үскенеленген сораў ҳәм танып алыў ханалары, киберполигон, “даркнет” ҳәм суд-экспертиза лабораторияларынан ибарат жәми 12 арнаўлы хана қурылды.

Академияда жоқары билимлендириўдиң еки басқышлы системасы – бакалавриат ҳәм магистратура жолға қойылған. 2023-2024-оқыў жылынан елимизде биринши мәрте “Түрли система – бирден-бир қатнас” принципи тийкарында бакалавриаттың “Тергеў жумысы” ҳәм “Прокурорлық жумысы” тәлим бағдарларында оқыў процесслери шөлкемлестирилди. Кибержынаятларға қарсы гүресиўге бағдарланған “киберпрокурор” ҳәм “кибертергеўши”лерди таярлаў ушын келеси жылдан баслап “Киберҳуқық” бакалавриат бағдары шөлкемлестириледи.

Магистратурада “Тергеў жумысы,” “Прокурорлық жумысы” сондай-ақ, миллий билимлендириў системасында бирден-бир болған “Коррупцияға қарсы гүресиў жумысы,” “Инсан ҳуқықларына байланыслы халықаралық ҳуқық” қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды. 2025-2026-оқыў жылынан баслап, “Киберқәўипсизликти ҳуқықый тәмийинлеў” қәнигелиги бойынша магистрлер таярланады.

Қәнигелик арттырыўдың сапа жағынан жаңа тәртиби енгизилип, прокуратура ҳәм тергеў уйымлары хызметкерлериниң ҳәр үш жылда кеминде бир мәрте үзликсиз тәжирийбе арттырыў системасы жолға қойылған.

Прокуратура уйымларының басшы кадрларын қайта таярлаў, жаңадан қабыл етилген хызметкерлердиң басланғыш қәнигелигин тәмийинлеў, ўәкилликли уйымлардың сорастырыўшы ҳәм тергеўшилерин қайта таярлаў бойынша жаңа система жаратылды.

Аралықтан ҳәм аралас курслар және хызметкерлердиң мүтәжликлерине тийкарланған билимлендириўдиң электив модели қолланылып келинбекте. Бул – ҳәр бир хызметкерге пүткил хызмет жолы даўамында жеке билимлендириў траекториясы бойынша өз маманлығын үзликсиз арттырып барыў имканиятын жаратады.

Портал арқалы аралықтан ҳәм аралас курсларды жасалма интеллект технологиялары тийкарында енгизиў жолға қойылды. Бунда жасалма интеллект тийкарында жаратылған виртуал ассистент ҳәм ҳақыйқый тергеў әмелиятында ушырасатуғын машқалалы жағдайларды сәўлелендирген санлы симуляциялық видеолар кеңнен қолланылмақта.

Халыққа бийпул ҳуқықый мәсләҳәт бериў ушын юридикалық клиника ҳәм арнаўлы электрон платформа жумысы жолға қойылған. Бул жумысқа студентлер тартылып, тәжирийбели қәнигелердиң басшылығында әмелий көнликпелерин қәлиплестирмекте.

Буннан тысқары, Коррупцияға қарсы гүресиў илимий-билимлендириў орайы шөлкемлестирилген. Бул бағдарда магистрлерди таярлаў, сондай-ақ, илимий кеңестиң жумысын илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў жолға қойылды.

Кибержынаятшылық ҳәм басқа да глобал қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў және бул бағдарда маман қәнигелерди таярлаў мақсетинде өткен жылы Президентимиздиң тийисли қарарлары тийкарында Академия қурамында Санлы криминалистика илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилди.

Заманагөй киберлабораторияда 439 қурамалы санлы изертлеў ҳәм экспертиза өткерилип, 189 кибержынаят ашылғаны әҳмийетли.

Академияның жойбарлаў офисинде АҚШ, Япония, Германия, Қубла Корея, Россия, Словения ҳәм Швеция сыяқлы мәмлекетлерден тартылған экспертлер менен биргеликте 15 тен аслам жойбарлар әмелге асырылмақта.

Академияда 10 қәнигелик бойынша илимий дәрежелер бериўши кеңес жумыс алып барады. Соннан “Коррупция машқалалары” қәнигелиги бойынша илимий кеңес мәмлекетимизде бирден-бир болып есапланады. Академияның илимий потенциалы үш жыл ишинде 26 проценттен 67 процентке жеткерилди.

Президентимиз Академияның суд процесин симуляциялаў ушын арнаўлы заллары, сораў ҳәм танып алыў және басқа да қәнигелестирилген ханалары, мәлимлеме-ресурс орайында жаратылған заманагөй шараятлар менен танысты, студентлер менен пикирлести.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласын социаллық-экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў, қала орталығын жақсылаў ҳәм мүнәсип жасаў шараятларын жаратыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтти.

Бәринен бурын, пайтахтта әмелге асырылған жумыслар есап-санақ етилди. Кейинги жыллары қалада үлкен өзгерислер жүз бергени атап өтилди.

Өткен тоғыз жылда Ташкент қаласының экономикасына 20 миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициясы киргизилди, 5 мыңға шамалас ири жойбар иске қосылды. Жан басына тиккелей сырт ел инвестициясы 2017-жылдағы 71 доллардан 2,2 мың долларға артты.

Қурылыс жумыслары, жаңадан қурылған саўда-сервис ҳәм кеўилашар объектлер “түнги экономика”ны раўажландырды. Күни-түни ислейтуғын саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң саны 3 мыңнан асты.

Ташкентке 1 мың заманагөй электробус ҳәм автобус алып келинип, 168 жаңа жөнелис ашылды. Қосымша 33 километр метро линиясы ҳәм 21 жаңа станция қурылды. Яшнабад, Мирабад, Сергели, Янгиҳаёт ҳәм Юнусабадтағы 1 миллионға шамалас халыққа метро хызметлери жақынласты.

Улыўма, пайтахт экономикасы соңғы тоғыз жылда 2,5 есеге өсип, усы жылы 27 миллиард долларға жетеди. Халықтың жан басына дәрамат болса 4,4 мың доллардан 8,6 мың долларға көбейди.

Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 7,3 проценттен 1 процентке, жумыссызлық болса 4,5 проценттен 3,5 процентке төменлейди. Яғный Ташкент қаласында кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық тәбийғый дәрежеге түседи.

Ташкент қаласының турақлы халқы ҳәр жылы орташа 100 мыңнан көбейип, 2030-жылда 3,5 миллионнан артыўы күтилмекте. Сондай-ақ, жалпы аймақлық өнимди 52 миллиард долларға жеткериў, жан басына дәраматты дерлик 2 есеге арттырыў режелестирилген.

Бул шеклерге ерисиў ушын қала ҳәкими ҳәм оның орынбасарлары, 12 район ҳәкими тынымсыз излениўи, қаланың турақ жай фонды, транспорт, энергетика, билимлендириў ҳәм медицина, сервис инфраструктураларын дүньяның заманагөй мегаполислери үлгиси тийкарында қайта көрип шығыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Сонлықтан, усындай мегаполислерде басшы болған қәнигелерди ҳәкимге мәсләҳәтши етип алып келиў бойынша усыныс мақулланды. Олардың көп жыллық тәжирийбесинен пайдаланып, Ташкент қаласын қаржы, алдынғы технологиялар, мәденият ҳәм туризм орайына айландырыў керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы еле шешимин күтип атырған мәселелер көп екенлигин атап өтип, жаңа басламаларды алға қойды.

– Бәринен бурын, қала халқын тәшўишке салып атырған экология, жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм сапалы басқарыў мәселесинде қала жуўапкерлериниң қатнасын өзгертиўи зәрүр.

– 2026-жыл Ташкент қаласы ушын “Тез раўажланыў ҳәм халықтың дәраматларының өсиўи” жылы болады. Бул идеяны жүзеге шығарыў бойынша үлкен бағдарлама әмелге асырылады,-деди Президентимиз.

Пайтахт районлары 3 бағдарда раўажландырылып, 2026-жылы 9 миллиард доллар, еки жылда 20 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясын киргизиў мақсети белгиленди.

Атап айтқанда, Сергели, Янгиҳаёт, Бектемирде жоқары технологиялық санаат ҳәм логистика тараўлары “өсиў ноқаты” болады. Соның ишинде, келеси жылы Сергелиде майданы 120 мың квадрат метр болған 70 миллион долларлық заманагөй агрологистика ҳәм қоймахана иске қосылады.

Янгиҳаёттағы “Жаңа әўлад” санаат зонасында электротехника, тоқымашылық, автомобиль қурылысы ҳәм азық-аўқат тараўында 2 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул санаат зонасы Янгиҳаёт ҳәм Бектемирдеги 640 гектар жер есабынан кеңейтиледи. Соның есабынан улыўма баҳасы 3 миллиард долларлық экологиялық талапларға сәйкес ҳәм жоқары технологиялық жаңа жойбарларды баслаў тапсырылды.

Учтепа, Чиланзар, Яккасарай, Шайхонтоҳур ҳәм Алмазарда хызметлер, креатив экономика, дизайн ҳәм туризм тийкарғы инвестиция бағдарларына айланады.

Мырза Улығбек, Юнусабад, Мирабад ҳәм Яшнабадта болса жасалма интеллект, стартап, финанслық технологиялар, қаржы, медицина ҳәм билимлендириў тараўында 1 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылады.

Усы жылы қаладағы 26 көше күни-түни ислейтуғын көшелерге айландырылды. Бул көшелерде 1 мың 200 саўда-сервис объектин жайластырыў есабынан 5 мың халық дәраматлы болды. Келеси жылы және 18 усындай көшени шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Бүгинги күнде пайтахтта 75 мектеп ҳәм сонша бақша, 23 спорт объектлерине талап бар.

Район ҳәкимлери өзлери қаржы тартып, ҳәр жылы 1 мектеп, бақша ҳәм спорт объектин қуратуғыны, қалған 15 мектеп ҳәм бақша және 11 спорт объекти инвестиция бағдарламасы шеңберинде қурып берилетуғыны белгиленди.

Усы жылдан Ташкент қаласының ҳәр бир районында биреўден мектепте билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша “Ташкент тәжирийбеси” басланды. Яғный 7-11-кластағы 1,5 мың оқыўшы сайлап алынып, оларды МT, медицина, бизнес, инженерлик сыяқлы бағдарларда оқытыў жолға қойылды. Оқыўшылардың пәнлерди өзлестириўине қарап, муғаллимлерине 20 миллион сумға шекем айлық мийнет ҳақы төленбекте.

Бул тәжирийбени кеңейтип, бундай мектеплердиң санын келеси жылы 24, 2027-жылы болса 33 ке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Енди ири мегаполислер сыяқлы пайтахтымызда да транспорт системасын бирден-бир көзқарас тийкарында басқаратуғын орайдың жумысы жолға қойылады. Бул орай ҳәр бир көше, ҳәр бир кесилиспеде транспорт ҳәм пиядалар ағымын жасалма интеллект жәрдеминде таллап, тығылыс ҳәм жол транспорт ҳәдийсесиниң алдын алыў менен шуғылланады.

Келеси жылы пайтахтқа кириўдеги 2 қадағалаў посты қала сыртына көшеди, үшеўи реконструкцияланады. Бул жерлерде кеминде 3,5 мың жүк ҳәм 5,5 мың жеңил автомобиль ушын стоянкалар және халық ушын кемпинглер қурылады.

Тийкарғысы, бул ноқатларға жәмийетлик транспорт тармағы байланысады. Пайтахтқа келетуғын мийманлар автомобилин усы жерде қалдырып, тез ҳәм қәўипсиз жәмийетлик транспортта ҳәрекетлениўи мүмкин болады.

Қала ҳәкимлигине келеси жылы бирден-бир басқарыў системасына ийе светофорлар менен үскенеленген 100 “ақыллы” кесилиспени жолға қойыў, исбилерменлер менен бирге 30 мың автомобиль турыў орнын қурып, 300 бәндиргини реконструкциялаў, 40 километр пияда ҳәм 20 километр велосипед жолларын қурыў, 100 километр жолды оңлап, Юнусабад ҳәм Яшнабадта жол өткелин ҳәм туннель қурыў тапсырылды. Келеси жылы 200 электробус алып келиў ўазыйпасы қойылды.

Дүньяның ири қалалары сыяқлы пайтахтымызда да экология мәселесиниң әҳмийетлилиги артпақта.

Пайтахтымыздың 4 бөлегинде жасалма көл ҳәм бассейнлер қурыў жойбарларын таярлап, жумысларды баслаў тапсырылды. 1-июньға шекем ҳәр бир районда 5 километрлик 3 ден саялы көшелер пайдаланыўға тапсырылады. Ҳәр 10 мәҳәлле ушын 1 жасыл бағ жаратыў бойынша өз алдына бағдарлама басланады.

2026-жылы қалада 18,5 километр канал жағалықлары беккемленеди. Бул жерлерде де жасыл аймақлар ҳәм сейил етиў орынларын шөлкемлестириўди ҳәзирден ойлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Бектемир, Сергели ҳәм Янгиҳаёттан өткен Шыршық дәрьясының 16 километр бөлегин беккемлеў есабынан қосымша 800 гектар ашылады. Бул жерлерде де 200 гектарда “жасыл белбеў,” 250 гектарда ишки жоллар, сейил етиў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Қала дренаж системасының мастер-режеси ислеп шығылып, келеси жылдан қурылыс жумысларының басланатуғыны жәрияланды. Бағдарлама шеңберинде 150 километр жабық дренаж системасын қурыў, 197 километр канал ҳәм коллекторларды оңлаў, 63 километр жаңа каналлар қурып, қалада салқын микроклимат жаратыў режелестирилген.

Жаўын суўын жыйнаўшы 17 имарат қурылады. Бул суўлар терек ҳәм жасыл аймақларды суўғарыўға жумсалады.

Пайтахттың барлық коммуналлық шөлкемлери ҳәм айрықша хызметлер күни-түни жумыс ислеўге өтип, авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм тез сапластырыў менен шуғылланыўы, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў жумысларын күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Пайтахт – мәмлекеттиң сиясий, ҳәкимшилик, экономикалық ҳәм мәдений орайы. Пайтахтты басқарыў, раўажландырыў ҳәм қорғаў бойынша өзине тән көзқараслар болыўы керек, – деди Президентимиз.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қалалық кеңесине арттырып орынланған дәраматтың жергиликли бюджетке қайтарылатуғын бөлегинен 20 процентин районларға бөлистириў ўәкиллигин бериў, Ташкент қаласы ҳәм район ҳәкимлерине жергиликли кеңеслер менен келискен ҳалда бос қаржыларды депозитке қойыўға руқсат бериў усыныс етилди.

Ташкент қаласы жумысының ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарларын белгилейтуғын “Өзбекстан Республикасы пайтахтының статусы ҳаққында”ғы нызамды қабыл етиў ўақты келгени атап өтилди.

“Мәҳәлле жетилиги”ниң нәтийжесин арттырыўда пайтахт жетекши болыўы керек екенлиги атап өтилди.

2026-жылдан Ташкент қаласында жаңа система енгизиледи – “мәҳәлле жетилиги” толық қала ҳәкимлигиниң ықтыярына өтеди.

– “Жетилик” есабатлар менен емес, ал адамлардың аўырын жеңил етиў менен шуғылланыўы зәрүр, – деди Президентимиз.

Мәжилис даўамында пайтахт ҳәм оның районлары ҳәкимлериниң есабатлары тыңланды, исбилерменлер менен сөйлести.

                                                                                                                                ӨзА