Бакуде Өзбекстан мәденияты күнлери басланды

12

Музыка, аяқ ойын ҳәм мәдений мийрас – Өзбекстан ҳәм Әзербайжан тилеклеслигиниң тымсалы болды. Еки туўысқан халық арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў мақсетинде Баку қаласында кең көлемли жойбар – Өзбекстан мәденияты күнлериниң ашылыўы болып өтти.

Бул жыйын Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәденият министрликлери тәрепинен шөлкемлестирилген болып, көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы бағдарлама ҳәм фотокөргизбени өз ишине алады.

Илаждың салтанатлы ашылыў мәресиминде 170 тен аслам делегация ағзалары, соның ишинде, Өзбекстан халық артистлери, хызмет көрсеткен артистлер, мәмлекетлик симфониялық оркестри, мақам ансамбли, “Наўрыз” аяқ ойын жәмәәтиниң ўәкиллери қатнаспақта.

– Бакуде бизди жыллы күтип алды ҳәм ойлайман, бағдарламамыз әзербайжанлыларға унайды, – деди Өзбекстан мәденият министриниң биринши орынбасары Баҳодир Аҳмедов ӨзАның хабаршысына берген интервьюинде. – Бундай илажлар халықларымыз арасындағы дослық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўде айрықша орын тутады.

Мәмлекетлеримиз жетекшилери арасындағы қатнасықлар көплеген тараўлар, соның ишинде, мәденият тараўына да унамлы тәсир көрсетип атырғанын атап өтиў керек. Ҳәр жылы Әзербайжанда Өзбекстан мәденияты күнлери, Өзбекстанда болса Әзербайжан мәденияты күнлери болып өтпекте.

– Бул мәдений илаж көплеген мийманлардың итибарын тартатуғынына исенемиз, – дейди Әзербайжан мәденият министриниң орынбасары Фарид Жафаров. – Еки үлке бирдей мәдений мийрасымыз ҳәм қәдириятларымызды жедел ҳәм жоқары дәрежеде үгит-нәсиятлап атырғанын атап өтиў керек.

Өзбекстандағы Гейдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденият орайының директоры Акиф Марифлиниң сөзлерине бола, еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар халық дипломатиясына тийкарланған болып, ол адамларды бирлестиретуғын өзине тән көпир ўазыйпасын атқармақта.

– Биз Низамий Генжеўий ҳәм Әлийшер Наўайы руўхындағы классикалық әдебият дәстүрлери тийкарында қәлиплескен уллы цивилизация тийкарын салыўшыларымыз, – деди ол. – Қуўанышлы тәрепи, бүгин президентлер Илҳам Алиев ҳәм Шавкат Мирзиёевтиң ис-ҳәрекетлери менен мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Мәденият орайымыздың ўазыйпасы – бул мәдений мийрасты жетилистирип, Өзбекстанда Әзербайжан мәденияты, Әзербайжанда өзбек мәдениятын үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Бул илажлар шеңберинде еки туўысқан үлкениң мәденият бойынша биргеликтеги комиссиясының биринши мәжилиси, Әзербайжандағы мәдений мәкемелерге сапар етиў ҳәм Түрк мәденияты ҳәм мийрасы қорының басшысы менен ушырасыў өткерилиўи де режелестирилген. Әнжуманның жабылыў мәресими Физулий қаласындағы Мырза Улығбек атындағы улыўма билим бериў мектебинде өткериледи.

Азиза Алимова, ӨзА